ПӘРМАН ҲӘМ ОНЫӉ ОРЫНЛАНЫЎЫ

Елимизде соңғы жылларда суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтириў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў ҳәм судлардың ролин арттырыў бойынша әмелий илажлар алып барылмақта.

Мәмлекетимиздиӊ басшысы тәрепинен усы жылдың 24 июль күни қабылланған «Судлар жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болды.

Пәрман бойынша 2021 жылдың 1 январынан баслап Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық судлары бирлестирилип, олардың негизинде судьялардың қәнигелесиўин сақлап қалған ҳалда бирден-бир улыўма юрисдикция  судлары дүзиледи.  Судлардың бундай бирлестирилиўи бирден-бир суд әмелиятын енгизиўге имканият жаратып, ислердиң бир судтан басқа судқа өткерилиўиниң алдын алады ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары сол аймақта өз шешимин табады.

Пәрман менен  халықаралық  тәжирийбеге таянған ҳалда ислерди бақлаў тәртибинде көриў институты қысқартылмақта. «Бир суд-бир инстанция» принципи енгизилип, судларда  ислерди көрип шығыў басқышларын буннан былай да әпиўайыластырыў арқалы нәтийжели суд системасын жаратыў  күтилмекте.  Бунда, районлараралық,  район (қала)  судларының қарарларын ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген  судлар тәрепинен, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлардың биринши инстанция  суды сыпатында шығарған  қарарларын  болса,  ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў қурамлары  тәрепинен апелляция тәртибинде қайта көрип шығыў, апелляция тәртибинде көрип шығылған  суд қарарларын ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў қурамлары  тәрепинен кассация тәртибинде қайта көрип шығыў нәзерде тутылмақта.

Пәрман менен енгизилип атырған және бир жаңалықлардың бири -бул  инвесторлардың ҳуқықларын буннан былай да  қорғаў мақсетинде  ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы суды системасында қәнигелестирилген инвестициялық ҳәм бәсекиликке байланыслы даўларды көриў бойынша судлаў қурамының  дүзилиўи болып табылады. Бул судлаў қурамына ири  инвесторлар, яғный инвестиция киргизилген сәнеде 20 миллион АҚШ долларынан кем болмаған муғдарда инвестиция киргизген физикалық яки юридикалық  шахс болған инвесторлардың ҳәм мәмлекетлик уйымларының арасындағы инвестициялық даўларды ҳәм бәсекиликке байланыслы ислерди көриў ўазыйпасы жүклетиледи.

Бундай даўлар бойынша ири инвесторлар өз қәлеўине бола тиккелей судлаў қурамына яки улыўма тәртипте  басқа төменги системадағы судларға мүрәжат етиўге ҳақылы. Ири инвестор болмаса, өзлериниң бузылған ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ушын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судына ямаса улыўма тәртипте басқа төменги система судларына  мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болады.

Бундағы тийкарғы мақсет, инвесторлардың тартысларын шешиўи ушын түрли суд  инстанциялары арасында бес-алты айлап жүриўиниң алдын алыў, олардың машқалаларының бир судта шешилиўин тәмийинлеў ҳәм инвесторлардың әдил судлаўға исенимин күшейтиў болып есапланады.

Сондай-ақ, Пәрман менен тийисли қала ҳәм район  халқының санынан ҳәм судлардың ҳақыйқый ис көлеминен келип шығып бир қатар район экономикалық судларының қысқартылыўы нәзерде тутылған. Мәселен, Әмиўдәрья районы экономикалық судында 2019 жылы даўлы тәртипте 879 ис көрилген болса, соннан усы районның өзинен келип түскен даўа арза 292ни, басқа районлардан келип түскен даўа арза  болса 587ни қурайды. Соннан усы районныӊ өзинен  келип түскен даўа арзалардың бир айдағы орташа ис көлеми 26,5 иске туўры келген.

Пәрман  менен  суд-ҳуқық системасына буннан басқа да бир қатар өзгерислер нәзерде тутылмақта. Киргизилип атырған бул жаңалық ҳәм өзгерислер тараўда алып барылып атырған реформалардың гезектеги басқышы сыпатында судлардың шын мәнисиндеги әдиллик қорғанына, пуқаралардың нызамлы ҳуқықларының қорғаўшысына айланыўына хызмет қылады.

Г.ЗАРИПОВА,

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судыныӊ баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги