ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ

Елликқала районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 30-июльдеги «Коронавирус пандемиясы ўақтында социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў ўақтында халықты социаллық қорғаў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў елимиз сиясатының әҳмийетли бағдары болып қалмақта. Районда социаллық қорғаў ҳәм жәрдемге мүтәж 914 шаңарақта жасаўшы 4282 пуқараның ҳәр бирине 220 мыңнан, жәми 942,4 миллион сум бир мәртелик жәрдем пулы тарқатылды. Бул қаржылар ҳәр бир шаңарақ басшысының пластик картасына түсирилип, сектор басшылары тәрепинен олардың үйлерине жеткерилип берилиўи қадағалаўға алынды.

Атап айтқанда, район ҳәкими, 1-сектор басшысы Сейдамат Авезов басшылығында депутатлар ҳәм қәўендерлер банк хызметкерлери менен биргеликте «Қырыққыз» ҳәм «Гүлистан» аўылларындағы «темир дәптер»ге киргизилген, социаллық қорғаў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларға барып, бир мәртелик жәрдем пулларын тарқатты. Усы жердиң өзинде шаңарақлардағы машқалалар үйренилип, олардың шешими бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырма берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы