Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев 14-август туризм потенциалын кеңейтиўге байланыслы жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Коронавирус пандемиясы себепли халықаралық қатнаўлар тоқтап, транспортлар ҳәрекети шекленгени пүткил дүньяда, соның ишинде Өзбекстанда да туризм тараўына зыян келтирди. Елимизде 1 мың 500 ден аслам туроператор, 1 мың 200 мийманхананың жумысы тоқтап қалды. Бул жағдай тараўға байланыслы саўда, өнерментшилик, транспорт, улыўма аўқатланыў ҳәм басқа да хызмет көрсетиў тармақларында мыңлаған адамлардың бәнтлигине ҳәм дәраматына унамсыз тәсир көрсетти.

Сонлықтан мәмлекетимиз тәрепинен бул тараўды қоллап-қуўатлаў, туристлик орынлардың жумысын басқышпа-басқыш тиклеў илажлары көрилмекте. Быйыл 28-майда Президенттиң «Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ушын туризм тараўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы пәрманы, 19-июньде «Туризм тараўын санитариялық-эпидемиологиялық қәўипсизликтиң күшейтилген режими талапларына қатаң әмел еткен ҳалда раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы ҳүжжетлерде тармаққа пандемияның ақыбетлерин жумсартыў бойынша бир қатар жеңилликлер берилди. Улыўма, бүгин Өзбекстанда туризм тараўын пандемия шараятына бейимлестирген ҳалда раўажландырыўдың заманагөй имканиятлары иске қосылмақта.

Республикалық арнаўлы комиссияның 12-августтағы қарарына муўапық, 15-августтан баслап автотранспорт қуралларының ҳәрекети, жергиликли авиа ҳәм темир жол қатнаўына руқсат берилди. Санаторийлар, пансионатлар, балалар дем алыў орынлары, мийманханалар, мийман үйлери, пляжлар, хостеллер ҳәм басқа да дем алыў орынларының жумысы тикленеди. Булар елимизде туризмниң және де раўажланыўына шараят жаратады.

Презентацияда тараўда әмелге асырылған жумыслар ҳәм гезектеги режелер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ташкент ўәлаяты Бостанлық районының туризм потенциалы жүдә жоқары. Бирақ узақ жыллар даўамында буннан жетерли дәрежеде пайдаланылмады. Таза ҳаўалы тәбият, қолайлы климат ҳәм жылдың барлық мәўсиминде кеўилдегидей дем алыў имканияты болса-да, аймақта туристлерди тартатуғын ири ҳәм заманагөй жойбарлар әмелге асырылмады. Бүгин Бостанлық районында туристлик аймақларды шөлкемлестириў менен бир ўақыттың өзинде бир қатар әҳмийетли мәселелерди шешиў нәзерде тутылған.

– Тийкарғы мақсетимиз, бәринен бурын, туризм тараўында нызам үстинлигин тәмийинлеў, адамлардың мәпин инабатқа алып, халқымыз ушын таза ҳаўалы, арзан, қәўипсиз ҳәм 12  ай даўамында қолайлы дем алыў шараятларын жаратыў болып есапланады. Бостанлық сыяқлы орынларға Өзбекстанның барлық аймақларынан жерлеслеримиз келип дем алыўы, бул жерде әмелге асырылып атырған жойбарлар басқа аймақларымыз ушын да үлги болыўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мағлыўматларға қарағанда, ҳәр жылы жерлеслеримиз сырт елде дем алыў ушын 1 миллиард 200 миллион доллар әтирапында қаржы жумсамақта. Буның тийкарғы себеплеринен бири Өзбекстанда барлық талапларға жуўап беретуғын заманагөй туристлик комплекслер саны аз.

Сол мақсетте кейинги жыллары республикамыздың барлық аймақларында, соның ишинде, Бостанлық районында да толық исбилерменлер қаржысы есабынан ири жойбарлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, дүнья туристлери итибарына түскен «Амирсай» комплекси қысқа бир ярым жыл ишинде қурып пайдаланыўға тапсырылды. Бул болса аймақта ири ҳәм тартымлы жойбарларды әмелге асырыў мүмкин екенлигин дәлилледи.

Мәмлекетимиз басшысы презентация даўамында Бостанлық районында жақын жылларда пайдаланыўға тапсырылатуғын жойбарлар комплекси менен танысып, оларды жетилистириў бойынша усынысларын берди.

«Билдирсай-Чимён-Нанай» халықаралық курортын шөлкемлестириў жойбары олардан бири. Оның концепциясы ҳәм экономикалық модели Франция компанияларының консорциумы тәрепинен FASEP қорының 750 мың евро муғдарындағы қаржылары есабынан ислеп шығылған.

Жойбардың улыўма баҳасы 480 миллион доллар. Соннан 280 миллион долларын тиккелей инвестициялар қуррайды. Оннан гөзленген тийкарғы мақсет аймақтағы жер майданларының баҳасын ҳәм инвестициялық тартымлылығын раўажландырыў.

Жойбар 3 басқыштан ибарат болып, биринши басқышта Чимён аймағында улыўма мәўсимлик курорт шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Францияның 48 миллион евро муғдарындағы жеңиллетилген кредити орнына туристлик инфраструктураны раўажландырыў, атап айтқанда, аспа жоллар, лыжада ушыў үскенелери ҳәм аттракционлар келтирип орнатыў режелестирилген. Буның  нәтийжесинде таў-лыжа туризми ен жаяды, жергиликли ҳәм сырт ел туристлери ушын заманагөй шараятлар жаратылады, исбилерменлик раўажланады. Жойбардың биринши басқышын 2021-жыл декабрьде иске қосыў режелестирилген.

Жойбарларда нәзерде тутылып атырған ең әҳмийетли ўазыйпа бул – мәмлекетлик –жеке меншик шериклик тийкарында қәбилетли исбилерменлерге кең жол ашып бериў болып табылады. Сондай-ақ, туристлик аймақта ешки бағыў, түйешилик, пал ҳәррешилик кеңейтилип, туристлерге қосымша хызметлер усыныс етиледи. Аймақта жаслар ушын өз алдына майданлар ажыратылып, туризмди раўаландырыўда олардың имканиятларын да толық жүзеге шығарыў зәрүрлиги атап өтилди.

Бостанлық районы, атап айтқанда, Чарвақ суў сақлағышы әтирапында аўылларда жаңа дем алыў орынлары қурылады. Буның менен бул жерде жасап атырған халықты жумыс пенен тәмийинлеў мақсети де гөзленген.

Бостанлық районында бос турған ҳән нәтийжесиз пайдаланылып атырған объектлерди сатыў арқалы олар тийкарында туризм ҳәм хызмет көрсетиў инфраструктурасын раўажландырыў бойыншажумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, 80 ге шамалас мәмлекетлик объектлерди меншиклетириў режелестирилген. Бул арқалы туризм тараўында мәмлекеттиң қатнасы қысқартылады ҳәм жеке меншик исбилерменлик раўажланады. 15 мыңға шамалас жумыс орны жаратылады. Бәсекиниң күшейиўи есабынан қолайлы баҳа қәлиплеседи.

Атап айтқанда, Бостанлық районында салық салыў объектлерин есапқа алыўды әпиўайыластырыў мақсетинде «orom.uz» мобиль қосымшасы ҳәм бирден-бир электрон платформасы ислеп шығылды. Бул платформа арқалы 3 мың 700 ден аслам ижарашылар дизимге алынды. Буннан тысқары, қосымша таяныш пунктлери шөлкемлестирилип, 16 мыңнан аслам объект хатлаўдан өткерилди. Буның нәтийжесинде салық түсими өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 3 есеге артқан.

Бостанлық районында жол инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм оңлаў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, автомобиль жоллары оңланды, жер асты суўларын қашырыў мақсетинде дренаж қубырлары орнатылды, 10 километрден аслам пиядалар жоллары қурылды.

Президентимиз жолларды пуқта ойланған, үнемли жойбарлар тийкарында қурыў ҳәм оңлаў зәрүрлигин атап өтти.

Туристлер ағымының көбейиўи шығындыларды ақылға уғрас басқарыўды да талап етеди. Есап-санақларға бола, Бостанлық районында күнине орташа 102 тонна турмыслық шығынды пайда болады. Тилекке қарсы, дем алыў мәдениятының төменлиги себепли көбинше жыйнастырылмай, тәбият қойнында таслап кетиледи.

Бул машқаланы сапластырыў, аймақты тазалаў системасын жетилистириў мақсетинде шығынды жыйнаў пунктлери ҳәм тасыўшы техникаларды көбейтип, Экоинспекция қадағалаўын жолға қойыў нәзерде тутылмақта. Буның нәтийжесинде аймақ 100 процент санитариялық тазалаў хызметлери менен қамтып алынады. Келиўшилердиң экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўдың талапларына әмел етиўи үстинен турақлы қадағалаў орнатылады.

Сондай-ақ, Бостанлық районында ишимлик суўы ҳәм канализация тармақларын жақсылаў бойынша да жумыслар алып барылмақта. Жыл басынан берли 7,6 километр ишимлик суўы қубыры, насос ҳәм суў имаратлары қурылған. Келеси еки жылда  36 километр ишимлик ҳәм 3,5 километр ақаба суў қубыры, 10 ға шамалас суў ҳәм канализация имаратының қурылатуғыны режелестирилген.

Районда электр тәмийнатын жақсылаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Президент электр тармақларын оңлаў менен бирге суў, самал ҳәм қуяш энергиясының дәреклерин қурыў, туристлик объектлер энергия талабының үлкен бөлегин солар есабынан тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.

Таў етеклеринде, тоғай ҳәм суў қоры жерлеринде жеңил конструкциялы көшпели дем алыў орынларын шөлкемлестириў жойбары да додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы аймақты толық туристлик зона сыпатында раўажландырыў ҳәм режедеги жойбарларды табыслы әмелге асырыў мақсетинде Бас министр орынбасары – Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң баслығына параллел түрде, жаңа тәжирийбе сыпатында Бостанлық районына басшылық ўазыйпасын атқарыўды жүклеў усынысы билдирилди.

Презентацияда кейинги еки жылда туристлик оранларын ҳәм хызмет түрлерин көбейтиў нәтийжесинде аймақтың туризм потенциалын 2 есеге артыўын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА