БАЖЫХАНА ХАБАРЛАРЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-марттағы «Жүк ҳәм жолаўшы тасыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық 2022-жылдың 1-январына шекем ислеп шығарылғанына 4 жылдан аспаған, жүк тасыў ушын мөлшерленген автотранспорт қураллары қосымша қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары бажыхана төлемлеринен азат етилген.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери анықлаған гезектеги жағдайда бул жеңилликти  өзлестириўге болған урыныўдың алды алынды.

Атап айтқанда, «Төрткүл» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында райондағы жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң бириниң атына алып келинген  үш дана «H929» маркалы жүк автомобильлери эксперт-криминалистика тексериўинен өткерилгенде, бул жүк автомашиналары ҳүжжетлерде көрсетилгениндей,  2019-жылда емес, ал, 2014-2015-жылларда ислеп шығарылғаны белгили болды.

Усы жағдайдағы «Тягач марки H929» товарларының ислеп шығарылғанына 4 жылдан аслам мүддет өткенлиги себепли оларға жеңиллик қолланылмайтуғынын билген айырым «шаққан исбилерменлер» автомобильлердиң ислеп шығарылған жылын қалпеки ҳүжжетлер арқалы  жасырыўға урыныўы сергек бажыханашылар тәрепинен әшкара етилди.

Солай етип, орташа базар баҳасы 1 миллиард 345 миллион сумды қураўшы бул автотранспорт қуралларын бажыхана төлемлерисиз алып кириўге болған урыныўға шек қойылды және оларға 650 миллион сумға шамалас бажыхана төлеми есапланды.

Анықланған жағдай бойынша пуқаралар Н.У. ҳәм А.У.ға процессуал ҳүжжетлер рәсмийлестирилди. Ҳәзир тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы