Бүгинги карантин шараятында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм халықтың мийўе, овощ ҳәм азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, жетистирилген өнимлерди экспортқа шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Елликқала районы «Әмирабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Агро эксим голд» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы ыссыхана 2019-жылы октябрь айында өз жумысын баслап 3,6 гектар жер майданынан гидропоника усылында помидор өнимин жетитириўди жолға қойды.

Бул жәмийет усы жылы Қазақстан ҳәм Россия мәмлекетлерине   720 тоннадан зыят өнимлерди экспорт етиўге еристи.

Бул ҳаққында бизге O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баспасөз хызмети хабар бермекте.

Жәмийет бүгинги күнде өзине 50 турақлы, 60 мәўсимлик жумысшыларды тартып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге өз үлесин қосып келмекте.

– Кейинги жылларда аўыл хожалығы тараўында да көплеген өзгерислер ҳәм жаңалықлар болмақта. Усындай өзгерислерден бири  -бизлер өз жерлеримизден бир жылда 2-3 мәрте өним алып атырмыз, – дейди жәмийет баслығы, O’zLiDeP белсендиси Серикбай Рахметов. Ҳәзиргидей жаз мәўсиминде болса ыссыхана әтирпында бос турған қыйтақ жерлерге (3,5 гектар жерге) палыз ҳәм овощ өнимлери,  1,5 гектар жерге мәш, 2 гектарға гүнжи егилген.

Ҳәзирги мәўсимде ашық далаға егилген помидор ҳәм овощтың өзинен 40 млн. сум дәрамат алдық, дейди жәмийет баслығы.

– Мен бул жер ашылғаннан берли жумыс ислеп атырман. Жумысшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылған, мийнет ҳақыларымызды өз ўақтында аламыз, – дейди ыссыхана хызметшиси Жамила Қурбанбаева. – Тағы бир қуўанышлы жери қыс мәўсиминде де балаларымыз сапалы помидор өниминен пайдаланады.

Қыйтақ жер – дәрамат дәреги. Олардан нәтийжели пайдаланыў болса  үй-руўзыгершиликтиң тоқлығын тәмийинлеў болып табылады. Солай екен, ҳәр биримиз өз егислик жерлеримизден дурыс пайданансақ, әлбетте, шаңарақ бюджетиниң беккемлениўине тийкар жаратқан боламыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги