Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2–санлы протоколы тастыйықланды.

Мәмлекетлик комиссияның 2-санлы протоколына муўапық:

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат билимлендириў бағдарларына кириў тест сынақлары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында жайласқан орайлық стадионларда, қағыйда түринде, күнине еки сменада өткериледи.

Онда, ҳәр 30 тест тапсырмасын шешиў ушын (жуўаплар бетин толтырыў менен бирге) 90 минут ўақыт ажыратылады (60 тест тапсырмасына жәми 180 минут).

 

ӨзА