Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссия мәжилисиниң 2-санлы протокол қарарына муўапық:

Пандемия шараятын есапқа алып, Республика Билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссияның қарарына муўапық тест сынақлары менен бир қатарда кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар өткерилетуғын бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша кәсиплик (дөтериўшилик) имтиханлар алдынғы жылларда алынған сәйкес пән бойынша тест сынақлары менен алмастырылғанлығы ҳаққында хабар берилген еди.

Онда, тест сынақлары менен бир қатарда кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар өткерилетуғын бакалавриат билимлендириў бағдарларына кириў имтиханлары толық тест сынақлары арқалы әмелге асырылыўын есапқа алып, тек ғана усы билим бағдарларына кириў ушын дизимнен өткен абитуриентлерге белгили бир билимлендириў бағдарына кириў ушын тест тапсыратуғын пәнлер комплекси ҳәм избе-излиги бирдей болған қосымша төртеўге шекем бакалавриат тәлим бағдарларын 2020-жыл 16-августқа шекем (16-август күни де) таңлаў ҳуқықы берилди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары менен биргеликте тест сынақлары менен бир қатарда кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар өткерилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларын таңлаған абитуриентлерге сәйкес бакалавриат билимлендириў бағдарларын таңлаў ҳәм онлайн дизимнен өтиў ушын оператив түрде хабар жеткереди.

 

ӨзА