«Химия ҳәм биология бағдарларында үзликсиз билимлендириў сапасын ҳәм илимниң нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында» Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, республиканың ҳәр бир аймағында басқышпа-басқыш химия ҳәм биология пәнлерине қәнигелестирилген 14 таяныш қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, республика район (қала)ларында басқышпа-басқыш химия ҳәм биология пәнлерин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген 150 мектеп шөлкемлестириледи.

Қәнигелестирилген мектеплерде химия ҳәм биология пәнлерин нәтийжели оқытыўды муўапықластырыў ушын оларға ЖБМлардың 55 кафедрасы бириктириледи.

Қәнигелестирилген мектеплерге қабыл етилген химия ҳәм биология пәни оқытыўшылары және басшы кадрларының базалық тариф ставкасына салыстырмалы түрде әмелде белгиленген үстеме ҳақының муғдары 2021-жыл 1-январьдан баслап 50 процентке шекем арттырылады.

Мәмлекетлик тест орайы 2021-жыл 1-февральға шекем Химия ҳәм биология пәнлеринен билимлерди баҳалаў бойынша миллий сертификатлаў системасын енгизеди.

Жеңиллик берилетуғын дәрежедеги миллий сертификатқа ийе мектеп, лицей ҳәм кәсип-өнер мектебиниң оқыўшылары мәмлекетлик ЖБМға кириўде химия ямаса биология пәнинен тест сынағын тапсырыўдан азат етиледи және оған максимал балл бериледи.

 

ӨзА