Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети бүгинги күнде өз нәтийжелерин берип, күннен-күнге усы ҳәрекетке қатнасыўшылардың саны артып бармақта. Буннан тийкарғы мақсет – халықтың разылығына ерисиў болып есапланады.

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, кегейлиши ӨзЛиДеП белсендиси, «Аллаяр қаңлы» ЖШЖ баслығы Азизбек Қойлыбаев та көптен берли пандемия себепли қыйын жағдайға түсип қалған мүтәж шаңарақларға жәрдем берип келмекте.

Күни кеше исбилермен усы қайырлы жумысын даўам етти. Райондағы «Бахытлы» МПЖда жасайтуғын, балалығынан майыплығы бар, кем тәмийинленген ҳәм мүтәж жети шаңарақтың ҳәр бирине 200 мың сум муғдарындағы азық-аўқат өнимлерин тарқатты.

Қайыр-сақаўат илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги