Мәмлекетимизде бүгинги пандемия шараятында социаллық –экономикалық ҳәм басқа да тараўлардың турақлылығын сақлап қалыў, әсиресе, халықтың мүнәсип турмыс тәризин және исбилерменлик субъектлериниң нәтийжели жумыс ислеўи ушын қолайлы шараятларды тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Бул болса, өз гезегинде әмелге асырылып атырған карантин  талапларын басқышпа-басқыш жумсартып барыў, атап айтқанда, исбилерменлик  және басқа да тараўларда халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын санитариялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда карантин талапларын қысқартыў  илажларын көриўди талап етпекте.

Жоқарыдағыларды инабатқа алып, Республикалық арнаўлы комиссияның гезектеги  қарары менен төмендегилерге рухсат берилди:

  1. 2020-жыл 15-августтан баслап:

а) автотранспорт қуралларының күн даўамында толық ҳәрекетлениўи;

б) жергиликли авиақатнаўлар ҳәм темир жол қатнаўы. Онда, турақлы түрде ҳәр бир авиақатнаў ҳәм темир жол қатнаўынан алдын тийисли ҳаўа кемеси ҳәм темир жол вагонларын (ҳәр бир орында) толық дезинфекциядан өткериў, соның ишинде,  оларға  ҳаўаны зыянсызландырыў үскенелерин орнатыў илажларын күриў зәрүр;

в) ашық ҳаўада хызмет көрсетиўши улыўма аўқатланыў объектлердиң (ресторан, кафе, асхана, шайхана) жумысы. Онда, бул объектлер ушын:

банкетлер ҳәм басқа да ғадабалық илажларды өткериўге жол қоймаў;

столлар аралығындағы 2 метрден кем болмаған социаллық аралықты тәмийинлеў;

бир стол атырапында 4 адамнан көп болмаған (шаңарақ ағзалары буған кирмейди) тутыныўшыларды жайластырыў;

хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қалпақта болыўы;

ҳәр бир тутыныўшыдан кейин стол ҳәм басқа үскенелердиң үстинги бөлимин дезинфекциялаў  қураллары менен тазалаў талап етиледи.

Сондай-ақ, бул объектлер толық жумыс ислеўге таярлық көриў ушын  олардың имарат ҳәм ханаларына, соондай-ақ, ҳаўа айланысы системасына  зыянсызландырыў үскенелерин (ультрафиолет лампалар ҳәм басқа) орнатып барыў усыныс етиледи.

г)   мәмлекетлик емес мектепке шекемги шөлкемлер ҳәм мектеплер, сондай- ақ, оқыў курслары (орайлары) ның жумысы. Онда, булл шөлкемлердиң жумысы ушын:

сабақлардың ўақтын алдыннан келисиў (билимлендириў орайлары ҳәм дөгереклер ушын);

хызметкерлер ҳәм балалар (тәрбияланыўшылар)дың денсаўлық жағдайын турақлы қадағалаў (дене температурасын турақлы өлшеп барыў), дене температурасы 370C ҳәм оннан  жоқары болған ямаса инфекцияның белгилери бар хызметкерлер ҳәм балалар (тәрбияланыўшылар)ды сабақлардан шетлетиў;

хазметкерлер медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы ҳәм социаллық аралықты сақлаўы;

санитариялық-гигиеналық ҳәм дезинфекциялық талапларға қатаң әмел етиў, имарат ханаларын турақлы түрде дезинфекциялаў, оларға кириў-шығыў орынларын пирометрлер, антисептикалық  қураллар ҳәм дезинфекциялық  «төсеклер» менен тәмийинлеў илажларының көрилиўи зәрүр;

д) санаторийлер, пансионатлар, балалардың дем алыў орайлары, мийманханалар, мийман үйлери, пляжлар, хостеллер, ижараға берилетуғын дала ҳәўлилери ҳәм басқа да дем алыў орайларының жумысы. Бул жумысты әмелге асырыўда:

пуқаралар өз алдына, бир-биринен ажыратылған ҳалда (ҳәр бир шаңараққа бир хана талабына әмел еткен ҳалда) жайластырылады;

имаратлар ҳәм ханалар турақлы түрде дезинфекцияланып барылады, соның ишинде, ҳаўаны зыянсызландырыў үскенелери менен тәмийинлеў усыныс етиледи;

онда мийман үйлери ҳәм хостеллердиң жумысы Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 6-майдағы 21-санлы мәжилис протоколының 2-қосымшасы менен тастыйықланған Пандемия шараятында мийманхана хызметлерин шөлкемлестириў бойынша ўақтыншалық инструкция талаплары тийкарында жолға қойылады. Онда,  хостеллер тек ғана бир ханаға шаңарақлық ямаса бир адамнан аслам болмаған мийманларды қабыл етиўге рухсат  бериледи;

е) музейлердиң жумысы;

ж) гөззаллық салонлары ҳәм шаштәрезханалардың жумысы ушын – хызмет көрсетиўши шахслар тәрепинен жеке қорғаныў қураллары – медициналық халат ямаса комбинезон, медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаптан пайдаланған ҳалда телефон ямаса онлайн гезекке жазылған ҳалда «1 хызмет көрсетиўши шахс – 1 тутыныўшы» принципи тийкарында ислеўи талап етиледи;

з) шаңарақлық салтанат, той, мереке ҳәм мәресимлерди өткериў (онда булл илажларды пуқаралардың турақ-жай ҳәм ҳәўлисиниң өзинде 30 адамнан көп болмаған (тек жақын туўысқанлар ҳәм сол район аймағында жасайтуғын басқа туўысқанлар) және санитариялық ҳәм гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда);

2) 2020-жыл 17-августтан баслап:

а) аймақлар (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы) арасында автотранспорт қуралларының қатнаўын тиклеў:

б) жәмийетлик транспорт, қала (район) ҳәм қала әтирапындағы жөнелислер бойынша автобус қатнаўы (метрополитен жумысы буған кирмейди). Бул транспорт жумысын шөлкемлестириў ушын:

ҳәр қатнаўға шығыўдан алдын айдаўшы ҳәм кондуктордың дене температурасы пирометрлерде өлшенип, 370С ҳәм оннан жоқары болған жағдайда  олардың транспорт қуралын басқарыўына жол қоймаў, олардың медициналық нықап ҳәм қолғапта болыўы;

жәмийетлик тарнспортта жолаўшылардың медициналық нықапта болыўы ҳәм олардың арасында социаллық аралық сақланыўы, медициналық нықап болмаған жағдайда олардың транспортқа шығыўына жол қоймаў;

транспорт қуралы турақлы түрде ҳәр қатнаўға шығыўдан алдын (соның ишинде, ҳәр бир орында) толық дезинфекциядан өткерилиўи зәрүр.

в) диний шөлкемлердиң жумысына (ҳәр күни дезинфекция  жумысларын әмелге асырыў және қатаң социаллық аралықты сақлаў шеклеўлерине әмел етилиўин тәмийинлеген ҳалда). Онда, диний шөлкемлерде жума ҳәм шемби-екшембилик диний хызметлерин ўақтыншалық әмелге асырмаў талап етиледи;

3) 2020-жыл 20-августтан баслап:

а) буйым ҳәм қурылыс өнимлериниң базарлары және буйымлардың саўдасы менен шуғылланыўшы ири дүканлардың жумысы (санитариялық тазалаў жумысларын өткериў ушын ҳәптеде бир мәрте санитариялық күнин жәриялаған ҳалда). Онда, супермаркет ҳәм басқа ири дүканлар:

кириў-шығыў орынларын пирометрлер, дезинфекциялық «төсеклер», антисептикалық қараллар менен үскенелеў, оларға кириўде ҳәр бир пуқараның  дене температурасын өлшеп, 370С ҳәм оннан жоқары болған инфекция белгилери бар болған жағдайда киргизбеў, социаллық аралықты сақлаў, медициналық нықапта болыўын, сондай-ақ, бул объектлерге кириўде пуқараларды бийпул  медициналық қолғап пенен тәмийинлеў талап етиледи;

жумысшы, хызметкер, улыўма санитариялық-гигиеналық  узел ханаларын, ири сыйым майданларын (ханаларын) ҳәм ҳаўа айланысы системасын ультрафиолет зыянсызландырыў үскенелери менен тймийинлеў илажларын көриў зәрүр.

б) спорт заллары, фитнес клуб, тренажер ҳәм бассейнлердиң жумысы. Бул объектлердиң жумысын  әмелге асырыўда:

олардың турақлы түрде дезинфекцияланыўы, оларға кириў-шығыў орынларын пирометрлер, антисептикалық қураллар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў;

хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы, социаллық аралықты сақлаўы;

ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 370С ҳәм оннан жоқары болған, инфекция белгилери бар болған жағдайда және медициналық нықап болмаған жағдайларда киргизбеў илажларын көриў, социаллық аралықты тәмийинлеў имканияты болмаған жәмийетлик спорт түрлерин өткермеў  талап етиледи.

Төмендеги карантин шеклеўлери (шеклеўлер) 2020-жыл 15-августтан кейин де сақланып қалынатуғыны белгиленди:

пуқаралардың жәмийетлик орынларда социаллық аралықты (2 метр) сақлаўы, медициналық нықапта болыўы, онда олар тәрепинен санитариялық талаплар бузылған жағдайда қатаң илажлар (жәриймаға тартыў) қөриў;

дене температурасы 370С ҳәм оннан жоқары болған инфекция белгилери бар пуқаралардың жәмийетлик орынларға шықпаўы;

мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлерде мәжилислердиң өткерилиўин қадаған етиў, зәрүр  жағдайларда мәжилислерди  видеоконференцбайланыс режиминде өткериў;

тамаша, мәдений-кеўилашар (театр, кинотеатр, концерт заллары, тойханалардың жумысы) ҳәм ғалабалық илажлар өткериў;

парклер ҳәм дем алыў бағларындағы аттракционлардың жумысы;

улыўма аўқатланыў объектлериниң (ресторан, кафе, асхана, шайхана) жумысы (ашық ҳаўада хызмет көрсетиўши улыўма аўқатланыў объектлери буған кирмейди);

түнги клублар, дискотека, спа ҳәм массаж салонлар, караоке, бильярд заллары, чилим (кальян) ҳәм компьютер ойынлары орайларының жумысына жол қоймаў;

65 жастан асқан шахслардың «өзин-өзи сақлаў» турмыс тәризинде жасаўын усыныс етиў ҳәм ескертетуғын үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыў;

жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыў ушын автотранспорт қуралының салонында айдаўшы орнының жолаўшы орнынан ашық пластикалық ямаса арнаўлы пленка менен тосылған болыўы, айдаўшы ҳәм жолаўшы медициналық нықапта болыўы (медициналық нықапсыз жолаўшыны тасыў қадаған етиледи), жолаўшыларды автотранспорт қуралы салонының артқы орынлығына өткерилиўи және тек өз (автотранспорт қуралы мәмлекетлик дизиминен өткерилген) аймағында ҳәрекетлениў.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң имаратлары, соның ишинде, хызмет ханалары бар шараятлардан келип шығып, ҳаўаны зыянсызландырыў системасы менен  басқышпа-басқыш үскенеленеди.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларын инабатқа алып, сондай-ақ, мәмлекеттеги эпидемиологиялық жағдайдан келип шыққан ҳалда Өзбекстанға  сырт мәмлекетлерден кирип келип атырған шахсларды карантинге алыўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртиби енгизилди:

Сырт мәмлекетлерден кирип келип атырған шахсларды карантинде сақлаў мүддетти 14 күн етип белгиленеди;

Карантин мүддетин шахстың тилегине бола, карантин орайларында ямаса мийманханаларда өткериў тәртиби сақлап қалынады;

Карантин мүддетти шахстың емлеў профилактикалық илажларын әмелге асырыўға келисимине бола, карантинде сақлаў мүддети врачлардың бақлаўы астында емлеў-профилактика илажларын әмелге асырған (Денсаўлықты  сақлаў министрлиги тәрепинен усыныс етилген дәри-дәрмақларын қабыл еткен) ҳалда 7 күн етип белгиленеди (онда 7 күнлик  карантиннен соң тест нәтийжеси унамсыз болғанда шахс карантин орайынан  шығарылады).

Өзбекстан Республикасына сырт мәмлекетерден кириў бойынша төмендеги тәртип әмел етиўи белгиленди:

Санитариялық-эпидемиологиялық жағдай турақлы болған (жасыл рейслер) – (соңғы 10 күн усы мәмлекетлерде болып турған) Өзбекстан Республикасына кирип келген шахслар карантин қадағалаўына алынбайды;

Коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайлары азайған (сары рейслер) – (соңғы 10 күн усы мәмлекетлерде болып турған) Өзбекстан Республикасына кирип келген шахслар 14 күн даўамында үй карантини қадағалаўына алынады;

коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайлары азаймаған (қызыл рейслер – эвакуация рейслери) Өзбекстан Республикасына кирип келген шахслар 14-күн карантин қадағалаўында сақланады.

Республикалық арнаўлы комиссияның қарары менен Өзбекстан Республикасына сырт мәмлекетлерден пуқаралардың кириўи бойынша категорияға ажыратылған мәмлекетлердиң дизими тастыйықланды және бул дизим ҳәр ҳәптеде жаңаланып барыўы белгиленди. Усы дизимге тийкарланып:

а) жасыл рейслер сыпатында – Қытай Халық Республикасы, Тайланд, Малайзия, Қубла Корея, Грузия, Венгрия, Латвия, Япония ;

б) сары рейслер сыпатында – Европа Аўқамының мәмлекетлери (Уллы Британия ҳәм Испания буған кирмейди), Әзербайжан;

в) қызыл рейслер сыпатында басқа барлық мәмлекетлер белгиленди.

Жоқарыдағылардан тысқары жәмәәтлик (коллектив) иммунитет қәлиплесиў процесин мониторинг етип барыў мақсетинде антиденелердиң (иммунофермент) таллаўын өткериў илажларын көриў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға ғалаба хабар қуралларында мәдений-ағартыўшылық ҳәм кеўилашар мазмундағы көрсетиў, еситтириў ҳәм материалларды көбейтиў, сондай-ақ, социаллық аралықты тәмийинлеген ҳалда санитариялық-эпидемиологиялық талапларға әмел еткен ҳалда театр, кинотеатр, концерт ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў бойынша тийкарланған усыныслар киргизиў ўазыйпалары белгиленди.

 

ӨзА