12-август күни «Жаслар 2020: глобал көлемдеги тилеклеслик, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары» атамасында инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумы өз жумысын баслады.

Бул илаж Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен жәрияланған Халықаралық жаслар күнине туўра келгенинде өзине тән символикалық мәнис бар. Себеби, халықаралық әнжуман жаслар ҳуқықларын үгит-нәсиятлаўдың әҳмийетли мәселелерине бағышланған. Коронавирус пандемиясы себепли дәстүрий Самарқанд форумы бул рет онлайн түрде өткерилмекте.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳәм Сыртқы ислер министрлиги, сондай-ақ, БМШтың елимиздеги агентликлери, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми және Фридрих Эберт қоры илаж шөлкемлестириўшилери болып есапланады.

33.jpg

Әнжуман жумысында бир қатар абырайлы халықаралық структуралардың ўәкиллери, белгили илимпазлар ҳәм экспертлер, Өзбекстан Республикасы парламенти жанындағы Жаслар парламентлери, Жаслар ислери агентлиги, сондай-ақ, елимиздиң барлық аймақларынан 30 дан аслам жаслар шөлкеминиң ўәкиллери, оқыўшы-студентлер қатнаспақта.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов, БМШтың Наркотикалық затлар ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша басқармасы регионаллық ўәкили, БМШтың турақлы ўәкили ўазыйпасын атқарыўшы Ашита Миттал форумды кирис сөз бенен ашты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң инсан ҳуқықлары бойынша  Самарқанд форумы қатнасыўшыларына қутлықлаўын Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева оқып еситтирди.

7 (2).jpg

БМШ, ЮНЕСКО, Парламентлер аралық аўқам, ЕҚБШ, Азия Парамент ассамблеясы, ҒМДА, ШБШ сыяқлы көплеген абырайлы халықаралық ҳәм ренионаллық шөлкемлердиң басшылары ҳәм жоқары дәрежедеги ўәкиллер әнжуман қатнасыўшыларын қутлықлады.

Форумның биринши жалпы мәжилисинде жаслар ҳуқықлары бойынша халықаралық стандартларды ислеп шығыў мәселелери додаланды. ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларының муўапықластырыўшысы Жон Макгрегор ҳәм сыртқы ислер министриниң орынбасары Шерзод Асадов басқарған бул сессияда жаслар ҳуқықлары тараўындағы бар халықаралық-ҳуқықый усыллар ҳәм механизмлер көрип шығылды.

Бүгин жаслар дүньядағы жәми халықтың үлкен бөлегин қурайды. Олардың экономикалық, социаллық, мәдений, пуқаралық, сиясий ҳуқықларын қорғаў ҳәм әмелге асырыўды тәмийинлеў ушын және де көбирек ҳәрекет етиў зәрүр.

26.jpg

Тилекке қарсы, тараўда мәжбүрий мазмунға ийе белгили бир ҳүжжет елеге шекем қабыл етилмеген. Бул жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың замангөй нызамшылық базасын қәлиплестириў процесин қыйынластырмақта. Соның менен бирге халықтың жаслар бөлегине кимлердиң тийисли екенлигин анықлаў бойынша халықаралық өлшемлерди ислеп шығыў зәрүрлиги  де әҳмийетли болып табылады.

Форум қатнасыўшылары БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Өзбекстан тәрепинен алға қойылған халықаралық басламалар шеңберинде ислеп шығылған Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенция жойбарын додалады. Бул конвенция жаңа ҳәм оғада әҳмийетли ҳүжжет сыпатында жаслардың ҳәзирги заманда дүнья көлеминде тән алыныўы зәрүр болған ҳуқықларын өзинде сәўлелендирген.

Тийкарғысы, конвенцияда «жаслар сиясаты» түсинигиниң мәнисине турмыстың ҳәр қыйлы тараў ҳәм тармақлары – мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор, сондай-ақ, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң жасларға қаратылған жумысына байланыслы сиясат сыпатында кең мәниде сиңдирилген.

3 (2).jpg

Әнжуманның екинши жалпы мәжилисинде жаслар ҳуқықлары ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлери дыққат орайында болды. Сессияны БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң баслығы Бобур Бекмуродов басқарды. Қызғын пикир алысыўлар шеңберинде БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде жаслардың роли қандай болыўы керек, деген сораўға жуўап изленди. Сондай-ақ, жаслар ҳуқықларын әмелге асырыўда ушырасып атырған тийкарғы машқалалар ҳәр тәреплеме талланды.

Самарқанд форумы 13-август күни өз жумысын даўам еттиреди.

29.jpg

 

Ғ.ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы