Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы, полковник Фарҳоджон Шерматов Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги материаллық тәмийнат қәнигелериниң ҳәм тәмийинлеўшилериниң кәсиплик байрамы мүнәсибети менен бир топар пидайы әскерий хызметкерлерди хошаметледи. Бул ҳаққында Арқа-батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда өткерилген илажда округ оператив ҳәм әскерлер дәрежесиндеги материаллық тәмийнат қәнигелери өзлериниң жумысын бәрҳама жоқары әскерий  ҳәм мобилизациялық таярлықта сақлап турыўға, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының жасаў шараятларын басқышпа-басқыш жақсылаўға, олардың денсаўлығын сақлаўға, әскерий ҳәм хызмет ўазыйпаларын орынлаўда әскерий бөлимлерди ҳәм мәкемелерди барлық түрдеги зәрүрли материаллық тәмийнат қураллары менен үзликсиз тәмийинлеўде, сондай-ақ, өз ўақтында жеке қурамға белгиленген норма талапларын жеткериўде салмақлы үлес қосып киятырғаны атап өтилди.

Ғәрезсизлик жылларында миллий армиямызда раўажланып киятырған жаңа әскерий дәстүрлерге бола, ҳәр жылы август айының екинши екшемби күни «Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги материаллық тәмийнат қәнигелериниң ҳәм тәмийинлеўшилериниң кәсиплик байрамы» сыпатында кең түрде белгилениўи жолға қойылғанлығын атап өтиў керек.

Илажда бир топар материаллық тәмийнат қәнигелерине миннетдаршылық билдирилип, ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды. Сержантлар қурамындағы бир топар әскерий хызметкерлер гезектеги әскерий дәрежелер менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги