Қабыллаў-2020

Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Иномжон Мажидов ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы баслығы Мажид Каримовтың қатнасыўында баспасөз әнжуманы болып өтти.

Онда усы жылғы тест сынақлары, қабыллаў процесслери, контрактлер мәселеси, оқыўды көшириў, екинши қәнигеликке қабыллаў сыяқлы мәселелер бойынша келип түскен сораўларға жуўап берилди.

Мәлим етилиўинше, жерлеслеримиз системаға байланыслы пикир билдириўи, усыныс қалдырыўы, ҳуқықларын талап етиўи, мүнәсибет билдириўи ушын министрлик тәрепинен taklif.edu.uz сайты ҳәм ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемеси ректорының телеграм топарлары шөлкемлестирилген. Мине усы каналлар арқалы студентлер, ата-аналар, улыўма барлық пуқаралар өз усынысларын билдириўи ҳәм мүнәсибетлерин қалдырыўы мүмкин. Түсинбеўшиликлер әйне қайсы жоқары билимлендириў мәкемеси, қайсы бағдар ҳаққында анық айтылса, бул бойынша жуўапкер шөлкемлердиң қәнигелери жәрдем береди. Сондай-ақ, Президентке мүрәжат потралы pm.gov.uz және де «Билимлендириў, пән ҳәм мәденият» бөлими арқал мүражат етиўи мүмкин. Булардың барлығына министрлик яки мүрәжат етилген басқа уйым тәрепинен рәсмий жуўап қайтарылады.

Көплеген мүрәжатларда студентлер шәртнама баҳаларын қайта есаплаў, қәрежетлерди инвентаризациялаўды сораған. Әнжуманда усы мәселелерге итибар қаратылды. Жуўапкерлердиң билдириўинше, ҳәр жылғы мийнет ҳақының көбейиўи себепли төлем-контрактлар муғдары да өзгерип барған, быйылғы жылы контракт төлеми муғдарын өзгертиў режеде жоқ.

Усы жылғы тест сынақларының мүддети кейинге қалдырылғаны белгили. Абитуриентлер бул процессте көплеген сораўларға дус келмекте.

-Быйылғы 2020/2021 оқыў жылы ушын тест сынақлары Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, ўәлаятлар орайларындағы стадионларда шөлкемлестириледи, – дейди Мәмлекетлик тест орайының баслығы Мажид Каримов. – Абитуриентлер ушын быйылғы тест сынақлары – 2-сентябрьден баслап өткериледи. Август айы даўамында республикамыздағы 40 қа шамалас стадионды тест процесине таярлаў бойынша шөлкемлестириўшилик жумыслары алып барылады. Басқа мәмлекетлерде де тестлер ашық стадионда өткерилди. Бақладық, көрдик, үйрендик. Пандемия шараятында ашық майданларда сест тапсырыў қәўипсизликти тәмийинлеўге жәрдем береди. Елимизде   155 тен аслам стадион бар. Тест өткериў ушын  54-55 стадион талап етиледи. Абитуриентлерге медициналық буйымлардан басқа бас кийим ( ақ кепка) де тарқатылады. Имтиханлар күнине  2 мәрте – ҳаўа салқын ўақытта өткериледи., биринши смена 08:00 де басланса, 10:00 да тамам болады. Екинши смена болса  17:00 де  басланып, 19:00 да жуўмақланады. Сонда имтиханларды шама менен  12-14 күнде жуўмақлаў мүмкин болады.  2 пәннен жәми 60 тест сораўына жуўап табыў ушын абитуриентлерге  2 саат ўақыт бериледи. Магистратура, академиялық лицейлер,  дөретиўшилик имтиханлар да тест сынақлары болып өтип атырған бир ўақытта, тап сол гезде өткериледи. Имтиханлар Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитария-эпидемиологиялық хызметтиң эпидемиологиялық процесс бойынша жуўмақларынан келип шыққан ҳалда белгиленеди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Иномжон Мажидов лицейлерде сабақлықлардың басып шығарылыўы, жеткерип бериў, қабыллаў процесслери ҳаққында өз пикирлерин билдирди:

-Лицейлерди сабақлықлар менен тәмийинлеў мәселесинде машқалалар бар, – дейди Иномжон Мажидов. – Сабақлықлар менен тәмийинлеў Халық билимлендириў министрлигине жүкленген.  Бирақ лицейлер Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигне қараслы. Сабақлықларды басып шығарыў, жеткерип бериўде машқалалар болып атырған болса, бул мәселе көрип шығылады. Лицейлер ушын өз алдына сабақлықлар шығарыў режелестирилмекте. Қәнигеликлер бағдарлары бойынша арнаўлы сабақлықлар баспадан шығарылады. Сондай-ақ, қабыллаў процеси тест сынақлары болып өтетуғын бир ўақытта өткериледи.

Пандемия жағдайында аралық сабақлар қандай шараятта, не ушын бундай жолға өтилгенин умытпаўымыз керек. Медицина бағдарындағы студентлер әмелиятты клиникаларда, наўқаслар алдында өтеўди қәлейтуғынлығын билдирмекте. Бул болса үлкен тәўекел. Оқытыўшының да студентлердиң де саламатлығы қәўип астында қалыўы мүмкин. Карантин басланып, оқыў аралық формасына өткерилгеннен кейин, ЖОО жоқары билимлендириў мәкемелерине усыныс берилген. Еки семестрдеги пәнлерди, яғный әмелий ҳәм теориялық пәнлердиң орнын алмастырыў мүмкин. Әмелий сабақларды студент питкергеннен кейин де өтеп келиўи мүмкин. Бул илажлар көрип шығылса, дипломды әмелиятты өтеп келгеннен кейин де алыў имканиятына ийе болады. Ең әҳмийетлиси ҳәзирги шараятта денсаўлығымызды сақлаў. Жаңа оқыў жылынан жоқары билимлендириўди аралық усылында баслаў, сапаны тәмийинлеў ушын жуўмақланған оқыў жылында ушырасқан машқалалар ҳәм жол қойылған кемшиликлер үйренилип шығылып, шешимин табыў бойынша барлық илажлар көрилмекте.

Әнжуманда пандемияға байланыслы жағдай себепли студентлери бар көплеген шаңарақлар қыйналып атырғаны, соннан келип шығып контракт төлеминиң соңғы мүддети қашанға шекем екенлиги, студент контракт төлемин өз ўақтында төлей алмаса  оның ақыбети қандай болатуғыны ҳаққында да сораўлар берилди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң атап өтиўинше, егер студенттиң жағдайы төмен болса, студенттиң шамасы контракт төлеминиң муғдарын төлеўге жетпесе, жоқары оқыў орны жағдайды үйренип шығып, сол студентке жәрдем берип, жетпеген бөлегин қаплап бериў илажы көриледи. Студент ендигиден былай шәртнама пулын төлей алмаса, ол шетлетилмейди, ал курстан-курсқа қалдырылыўы мәселеси көрип шығылады. Бунда ЖОО тәрепинен процесс толық үйренилгеннен кейин, қарар қабыл етиледи.

Әнжуманда айтылғанындай, екинши қәнигелик бойынша бүгинги күнде Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясына усыныс киргизилген. 10-августтан баслап ҳүжжетлерди қабыл етиў басланады ҳәм бул процесс те тап сондай бакалавр яки магистратура сыяқлы онлайн болып өтеди. Ҳүжжетлер август айының ақырына шекем қабыл етиледи. Екинши қәнигелиикке квоталар белгиленбейди. ЖОО ға келип түскен арза санынан келип шығып, қабыллаў ямаса сәўбетлесиў тийкарында шөлкемлестириледи. Егер талабанлардың саны аз болса тиккелей, яғный имтиханларсыз қабыл етилиўи де мүмкин.

Сондай-ақ, әнжуманда ендигиден былкелешекте, ўәлаятлардағы ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемеси ректорлары ҳәм Мәмлекетлик тест орайының аймақлық қәнигелери  жүз берип атырған ҳәр бир жаңалық бойынша турақлы жергиликли ҒХҚ арқалы брифинглер шөлкемлестирип, сораўларға жуўап берип баратуғыны мәлим етилди.

Тест сынақларына қатнасатуғын қадағалаўшыларды боди-камералар менен тәмийинлеў бойынша усыныслар билдирилди, журналистлер ҳәм пуқаралардан келип түскен сораўларға жуўап берилди.

 

Барно МЕЛИҚУЛОВА,

ӨзАның хабаршысы