Мәмлекетимизде халықтың саны артып барыўы менен бир қатарда оның  бәнтлигин тәмийинлеў мәселеси де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Соңғы жылларда елимиз басшысының жумыссызлық машқаласын шешиўге қаратылған илажлары бул бағдарда өз нәтийжесин бермекте. Әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажларға айрықша тоқтап өтиў мақсетке муўапық. Атап айтқанда, бул бағдарда мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола, Президент халық қабыллаўханаларының басшылығында сектор басшылары ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери менен биргеликте орынларда «Ҳәр бир жасқа бир гектар» жойбары әмелге асырылып келинбекте.

Қарақалпақстанда да усы жойбар шеңберинде айтарлықтай жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, жойбар бойынша аўыл хожалығы тараўына қәнигелескен «Мойнақ келешегиниң қурыўшылары» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилип, бул кәрхананың устав фонды 75 автотранспорт қураллары, аўыл хожалығы техникалары ҳәм механизмлери есабынан қәлиплестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийисли қарары менен «Мойнақ келешегиниң қурыўшылары» ЖШЖ ға исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын белгиленген тәртипте бос турған жер участкалары егин егиў ушын ажыратып берилди. Бул жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде дерлик 1,8 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылған еди.

Нигархан Қутлымуратова усы жойбар тийкарында 6 гектар жерге ийелик етип атырған шоманайлы жаслардан бири. Нигарханның әкеси фермер болғаны себепли ол балалығынан дийқаншылық кәсибиниң сырларын үйренген. Ҳәзирги күнде ол әкесиниң мәсләҳәтлерине сүйенген ҳалда, бул жерге 5 түрдеги аўыл хожалығы егинлерин егип, тәрбияламақта.

– Президентимиздиң районымыз жасларына усындай имканият жаратып берип атырғанын еситип, мен де мүрәжат еттим. Өзбекстан Жаслар аўқамы ҳәм «Мойнақ келешегиниң қурыўшылары» жуўапкершилиги шекленген жәмийети маған исенип, жер ажыратты, -дейди Н.Қутлымуратова. -Жеримниң 3,6 гектарына мәкке егип, қалғанына гүнжи туқымын септик. Бир жерге мениң ойымша, үш-төрт түрли егинлерди биргеликте егиўге болады. Мен өзим гүнжиге араластырып, мәш, жүўери, асқабақ, қаўын, ғарбызларды егип қойыппан. Егинлеримизди отап, минерал төгинлер төгип, тәрбиялап атырмыз.

Тийкарында бул жойбардың басында жер ийелерине айланған жаслардың мәўсимлик жумыс ҳәм ис ҳақылары менен тәмийинлениўи режелестирилген еди.

– Бүгингидей сынақлы күнлерде бизге уқсаған жасларға жер ажыратылыўы үлкен әҳмийетке ийе. Карантин ўақтында жумыссыз, бос отырған жасларға өзлерин көрсетиўге имканият жаратылды, -дейди жас фермер Азамат Оразбаев. – Мен де усы имканияттан пайдаланып, «Мойнақ келешегиниң қурыўшылары» ЖШЖ дан 5 гектар жер алдым ҳәм оның үш гектарына мәкке, еки гектарына жоңышқа ектим,. – Биринши егистиң зүрәәтин алдық, екинши егистиң зүрәәти жетисип киятыр. Усындай имканияттың арқасында бириншиден, айлықлы болып атырған болсақ, екиншиден, дийқаншылықты үйренип атырмыз.

Аўыллардағы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде фермерлердиң үлеси көп. Олардың арасында жас фермерлердиң де ерисип атырған жетискенликлери итибарға ылайық. Ислам Жумамуратов та усындай фермерлердиң бири. Бүгинги күнде ол өз хожалығында 10 ға шамалас жумыс орынларын жаратып, олардың екеўи 30 жасқа шекемги жаслар болып табылады.

– Бүгинги күнде пахта атызларымыздың ызғар ўақтында шелин жығып, культивациялаўға таярлап атырмыз, -дейди И.Жумамуратов. – Суў келип атырғанынан пайдаланып, гешир атызларды суўғарып атырмыз. Суўғарылыўы кеш қалып кетпей, мийнетимизди күйдирмей, тәрбиясын өз ўақтында бериўимиз керек.

Дийқаншылықта ҳәр бир күн ғәниймет. Тынбай изленип, жаңа инновациялардан пайдаланыў мол зүрәәтке ерисиўдиң дәреги болып табылады. Жас фермер И.Жумамуратов быйыл бийдайды еки мәрте зүрәәт алыў менен жуўмақлады. Енди палыз егинлеринен де мол зүрәәт алыўды мақсет еткен.

Әлбетте, усындай илажлар негизинде елимиз тәрепинен қандай жағдай болыўына қарамастан, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм сол арқалы ўатанласларымыздың турмыс дәрежесин және де жақсылаў сыяқлы мақсетлер жәмленген.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы