Беруний районында COVID-19 амбулаторлық мәсләҳәт поликлиникасы өз жумысын баслады.

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ,  районларда COVID-19 амбулаторлық арнаўлы поликлиника шөлкемлестирилмекте. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, кеселликлерди өз ўақтында анықлаў ҳәм оларды тексериўден ибарат.

Поликлиникада рентген, ЭКГ, инфекционист, пулманолог, кардиолог ҳәм ЛОР шыпакерлери наўқасларды тексерип, керекли мәсләҳәт ҳәм жоллама береди. Кеселликтиң жеңил түри анықланғанда, үй шараятында емлениў ушын усыныс бериледи.

Карантинге алынған наўқаслар ушын район ҳәкимлиги ҳәм сектор басшыларының басламасы менен шөлкемлестирилген арнаўлы Мобил топарлардың саны 14 ке жеткерилип, соннан 9 Дамас автомашинасы аймақлар бойлап, аўыллық шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлери шыпакерлерине бириктирилди.

Мобил топарларға бириктирилген шыпакерлер халықтың арасында  COVID-19 вирусына гүман етилген ҳәм контактте болған наўқасларға дәслепки дәри-дәрмақларды жеткерип бериў менен бирге пуқаралар арасында үгит-нәсият жумысларын  алып барады. Буннан тысқары, созылмалы кеселлиги бар наўқасларға дәслепки жәрдем көрсетип, зәрүр жағдайларда емлеў жумысларын да алып барады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы