Халықаралық пресс-клубтың гезектеги сессиясында «Темир дәптер» түсиниги ҳаққында мағлыўмат берилди. «Uzreport»тың мағлыўмат бериўинше, «Темир дәптер»ге мүтәж шаңарақлардың 7 категориясы киргизиледи. Атап айтқанда:

  • кем тәмийинленген;
  • майыплығы болған;
  • социаллық қорғаўға мүтәж;
  • жеке-жалғыз кекселер;
  • турақлы жумыссыз пуқаралар;
  • карантин себепли жумыссыз қалған пуқаралар;
  • аўыр эпидемиологиялық аймақлардан қайтарып келинген пуқаралардың шаңарақлары.

Жоқарыдағыларды кәмбағаллықтан шығарыў илажлары көриледи.

Жуўапкер хызметкерлер күнлик әмелге асырған жумыслары бойынша «Темир дәптер»индеги мағлыўматларды saxovat.argos.uz сайтына санлы таңба гилти арқалы электрон түрде киргизип барады.

«Темир дәптер»ге түскен шаңарақтың ҳеш болмағанда бир ағзасын усы жылы жумыс пенен тәмийинлеп, сол арқалы оларды мүтәжликтен шығарыў илажлары көриледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги