СӘЎБЕТ

Соңғы жыллары республикамыздың қала ҳәм районлары, шетки аўылларымыздың көриниси пүткиллей өзгерип, мақсетли бағдарламалар бойынша арзан үлги жойбар тийкарындағы ҳәм көп қабатлы турақ жайлар, социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлери және ири имаратлар пайдаланыўға тапсырылмақта. Бул жумысларда «Бахыт Миратдин қурылыс» жуўапкершилиги шекленген  жәмийети жәмәәти де пидәкерлик пенен мийнет етпекте. Кәсиплик байрам мүнәсибети менен усы жәмийеттиң баслығы Бахыт Салатдинов пенен ушырасып, өзимизди қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алдық.

-Бүгинги күни елимизде қурылыс тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған илажларға пикирииңизди билдирсеңиз?

Елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларын жеделлестириў, қолға киргизип атырған жетискенликлерди  кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм тараўда ислеп атырған қәнигелерди хошаметлеў мақсетинде Президентимиздиң 2017-жыл 7-августтағы пәрманына муўапық ҳәр жылы август айының екинши екшембиси «Өзбекстан Республикасы қурылыс тараўы хызметкерлери  күни» деп белгиленди. Усы мүнәсибет пенен елимиз басшысының кеше ғана жоллаған байрам қутлықлаўындағы «Жанажан Өзбекстанымыздың жаңа көринисин пайда етиў, Ўатанымыздың жоқары раўажланыўын тәмийинлеў, турмысымызды буннан былай да абат ҳәм абадан етиўде сизлердей шебер қурылысшы ҳәм инженерлер, уста ҳәм архитекторлар, жойбарлаўшы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң ўәкиллери – мың-мыңлаған қурылысшы инсанлардың уллы мийнетин ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайды,»-деген даналық пикирлери ҳәр биримизге күш-қуўат бағышлайды.

Бул тосыннан емес әлбетте. Соңғы жыллары елимиздиң барлық жерлери, соның ишинде, республикамыз үлкен қурылыс майданына айланды, десек асыра айтқан болмаймыз.

-Жәмәәтиңиз тәрепинен өткен жылы ҳәм быйылғы жылдың өткен айларында исленген жумысларға тоқтап өтсеңиз?

-Өткен жыл даўамында ҳәм быйылғы жылы жәмәәтимиз тәрепинен Қанлыкөл, Мойнақ, Бозатаў ҳәм Шымбай районларында жәми 44 миллиард 343,3 миллион сумлық 11 объект қурып питкерилип, халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Атап айтқанда, Қанлыкөл районында 1000 орынлық стадион, Мойнақ районында жабық жүзиў бассейни, 1000 орынлық стадион, спорт зал, 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 240 орынлық қосымша имараты, автовокзал, монша, Бозатаў районында 1000 орынлық стадион, мәмлекетлик хызметлер орайы, Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, Шымбай районында мәмлекетлик хызметлер орайы имаратларын жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумыслары алып барылды.

Президентимиздиң басшылығында елимизде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң  жумысын түп-тийкарынан жақсылаў, мектепке шекемги балалардың қамтыўын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Нөкис қаласы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Жулдызша» мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң заманагөй имараты қурылысшыларымыз тәрепинен сапалы етип қурып питкерилди.

Ҳәзирги ўақытта Бозатаў районында 10 турақ жай қурылысы,  Хожели районындағы стадион ҳәм Нөкис қаласындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң имаратында реконструкция жумыслары алып барылмақта. Кәрханамызда бүгинги күни жәми 212 адам, соннан 62 адам турақлы, 150 адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген.

-Ҳәр қандай имараттың сапалы питкерилиўи қурылыс материалларына тиккелей байланыслы болады.  Усы материалларды өзиңизде ислеп шығарыў бойынша қандай жумыслар алып барылмақта?

-Дурыс, усыны есапқа алған ҳалда 2017-жылы жәмийетимиз жанында «Nukus Lak Bo’yoqlari» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин шөлкемлестирдик. Россия Федерациясы ҳәм Қытай Халық Республикасынан алып келинген заманагөй үскенелерде «Ko’k saroy» саўда белгиси астында шпаклёвка, ПВА ҳәм басқа да желимлер, суйылтырғыш, суйық шийше, травертин сыяқлы қурылыс материаллары шығарылмақта. Нәтийжеде 28 жаңа жумыс орны жаратылды. Бул материаллар жәмәәтимиз тәрепинен қурылып атырған имаратларда пайдаланыў менен бир қатарда басқа қурылыс шөлкемлерине шәртнама тийкарында жеткерип берилмекте. Келешекте  ДСП, гипсокартон, травертин сыяқлы материалларды ислеп шығарыўды режелестирип отырмыз.

Кәрханамыздың машина-тарктор парки де жаңалары менен толықтырылып барылмақта.  Бүгинги күнде «КамАЗ», «Волга», «ZOOMLION QYGVF»,  МАЗ, MAN, эксковатор, бетон қарығыш, Газел сыяқлы оннан аслам техникаға ийемиз. Быйылғы жылы еки дана МАЗ ҳәм еки дана трактор алыўды режелестирип отырмыз.

-Ҳәзирги карантин дәўиринде халықты социаллық қорғаў бағдарында жәмәәтиңизде қандай жумыслар алып барылмақта?

-Президентимиздиң басшылығында  елимизде коронавирус пандемиясының ақыбетлерин жумсартыў, экономика тармақларын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың турақлылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.  Жәмәәтимиз бундай сынақлы күнлерде имканиятларымыздан келип шыққан ҳалда халықты, әсиресе, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айырылған шаңарақларға жәрдем қолын созып келмеке. Атап айтқанда, өзимизде ислеўши үш пуқара алған үлги жойбар тийкарындағы турақ жайдың басланғыш төлеми ҳәм ҳәр айдағы төлемлери кәрханамыз есабынан төлеп берилмекте.   Мойнақ районы «Таллы өзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы бир пуқараға турақ жай қурып берилди. Бир қатар спортшылардың жарысларға қатнасып қайтыўына қәўендердик жәрдем көрсетилмекте. Сырдәрья ўәлаятында суў тасқынынан жәбир көрген пуқараларға жәрдем көрсетиўдеги қайырқомлық илажларынан жәмәәтимиз шетте қалмады.  Жүз берген апатшылықтан жәбир көрген бир пуқараға турақ жай қурып берилди.

Карантин дәўиринде Бозатаў районынан 230 кем тәмийинленген шаңараққа 45 миллион сумлық азық-аўқат өнимлери тарқатылды. Буннан тысқары, 5 шаңарақты өз қәўендерлигимизге алып, оларға ҳәр айда 1 миллион сумнан жәрдем берилмекте. Жақын күнлерде және бир хызметкеримизге турақ жай салып бермекшимиз.

Жуўмақлап айтқанда, тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде қурылыс жаңа басқышқа көтерилмекте. Усы машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсипте пидәкерлик пенен мийнет етип атырған барлық қурылысшылардың алдағы ийгиликли ислеринде тасқын табыслар тилеймиз.

 

Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.