Елимизде қатаң карантин илажлары енгизилгени, ең алды менен экономикалық өсимниң ҳәм халық дәраматларының төменлеп кетиўине алып келди. Бундай қыйын шараятта халықты, әсиресе, оның мүтәж қатламын социаллық ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў мәселеси биринши дәрежели итибарға шықты.

Усы мақсетте Президентимиздиң басшылығында бир қатар фондлар, мәкеме ҳәм шөлкемлер, исбилерменлер тәрепинен халықтың мүтәж, ўақтынша дәраматсыз қалған, кем тәмийинленген қатламына жәрдемлер көрсетилмекте. Соның ишинде, Нөкис гарнизонының әскерий хызметкерлери карантин шараятында социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға әмелий жәрдем бериўди даўам етпекте.

Бурынырақ, Муқаддес Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын өзинде жәмленген мүтәжлердиң ҳалынан хабар алыў дәстүрин даўам еттирген ҳалда, әскерлер 200 ден аслам мәнзилли қәўендерлик қайырқомлықларды усындай шаңарақларға тарқатқан еди. Сондай-ақ, Нөкис гарнизонындағы әскерий хызметкерлердиң, Нөкис әскерий прокуратурасы ҳәм Нөкис гарнизоны Әскерий автомобиль қадағалаў инспекциясының басламасы менен пайтахтымыздың «Қоскөл» мәҳәллесиндеги социаллық қорғаўға мүтәж халыққа ҳайытлық тарқатылды. Бул илажлар карантин қағыйдаларына бойсынған ҳалда өткерилди. Усы мәҳәлледеги кем тәмийинленген шаңарақлардан Нөкис гарнизонындағы байланысшылар әскерий бөлиминиң хызметкерлери де хабар алып, оларға биринши дәрежеде зәрүрли азық-аўқат өнимлерин тарқатты.

Жақында болса, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы ҳәм оның бөлимлери тәрепинен республикамыздағы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының ҳәм фронт арты мийнет ветеранларының ҳалынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери, жеке гигиена қураллары тапсырылды.

Нуранийлардың денсаўлығы тексериўден өткерилип, оларға зәрүр дәри-дармақлар тарқатылды.          

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы