ҚӘЎЕНДЕРЛИК

Қанлыкөл районынындағы «Kanteks Invest»  жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң атқарыўшы директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясының ағзасы Қуўандық Ешмуратов 36 шаңараққа азық-аўқат өнимлерин бийпул тарқатты.

Елимизде коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта. Буннан дийдиленген мақсет, пүткил дүньяны тәшўишке салып атырған коронавирус инфекциясынан халқымызды қорғаў, оннан биргеликте шығысыў болып табылады.

Партияның электораты болған исбилерменлер менен фермерлер бүгинги сынақлы күнлерде кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айырылған шаңарақларды өзлериниң қәўендерлигине алмақта. Солардан бири, «Kanteks Invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң атқарыўшы директоры, депутат Қуўандық Ешмуратов усындай шаңарақларға бийпул азық-аўқат өнимлерин тарқатыўда белсендилик көрсетип келмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги