Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, усы жыл 9-август жағдайына республикамызда коронавирус инфекциясы анықланған наўқаслардың улыўма саны 418 ге жетти.

Улыўма емленип шыққанлар – 367 адам.

Қайтыс болғанлар – 5 адам.

Республикамыз бойынша 11 мың 171 пуқара, соның 10 мың 592си үй, 579ы стационар шараятында карантинге алынған.

Усы күнге шекем 39 мың 415 пуқараға медициналық бақлаў жуўмақланып, карантиннен шығарылды.

Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

Биз республикамыз халқынан жеке гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўин, карантин талапларын қатаң сақлап, өзимизди ҳәм басқаларды коронавирус кеселлигинен аман сақлаў ушын зәрүрлик болмаса үйден шықпай басқалар менен қатнаста болыўды азайтыўын және бир мәрте ескертип өтемиз. Бул кеселлик пенен аўырмаўға ҳәм өзимиз билмеген ҳалда басқаларға да жуқтырмаўға ҳәрекет етейик.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги