Нөкис қалалық саўда комплексиниң қала орайынан санитариялық-эпидемиологиялық жақтан қəўипсиз орында жайласқанлығын ҳəм объектте социаллық аралықты сақлаў мүмкиншилиги барлығын есапқа алып, əҳмийетлиси, халқымызға буннан былай да қолайлықлар жаратыў мақсетинде 2020-жылдың 10-август сәнесинен баслап усы саўда комплексиниң жумысына карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда рухсат берилмекте.

 

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының арнаўлы протоколы қабыл етилди, деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети.

 

Протокол тийкарында, сондай-ақ, жолаўшы тасыўшы айрым транспорт түрлериниң жумысларына да рухсат берилмекте.

 

Бунда Нөкис қалалық саўда комплексине пуқаралардың келип-кетиўи ушын жолаўшы тасыў жумысы менен шуғылланыў лицензиясына ийе болған жөнелиссиз таксилердиң күн даўамында ҳәрекетлениўине төмендеги қағыйдалар тийкарында  рухсат етиледи:

 

– автотранспорт салонындағы автотранспорт басқарыўшысы менен жолаўшылардың арасы пластик ямаса арнаўлы плёнка менен тосылған болыўы;

 

– автотранспорт басқарыўшысы өзинен тысқары артқы орынлықта тек 2 жолаўшыны тасыўы;

 

– басқарыўшы менен жолаўшы медициналық нықапта болыўы (медициналық нықапсыз жолаўшыны тасыў қадаған етиледи);

 

– жолаўшылар автотранспорттың артқы орынлығында отырыўы шәрт.

 

Сондай-ақ, саўда комплексине халқымызды қəўипсиз түрде тасыў ушын санитариялық талапларға әмел еткен ҳалда автобуслардың қатнаўын жолға қойыў жобаластырылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги