Бүгин жер жүзин қорқынышқа салып атырған коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўде биринши гезекте шыпакерлер, барлық медицина хызметкерлери пидайылық көрсетпекте.

Елбасшымыз атап өткениндей, дүнья бойлап әсиресе, елимизде шыпакерлердиң өз кәсибине садықлығы,  халқымыз, ата-аналарымыз, перзентлеримиз саламатлығы жолында күни-түни ислеп атырған мийнети мәртликтиң үлгиси болмақта.

Тилекке қарсы, коронавирус  пенен гүресип атырған айырым медицина хызметкерлери қайтыс болмақта. Солардан бири, республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий  орайы Қарақалпақстан филиалы  неврология бөлиминиң үлкен мийирбийкеси Зулфия Джуманиязова коронавирус инфекциясын жуқтырған наўқаслардың саламатлығын тиклеў жолында өз жанын пидә етти.

З.Джуманиязова 1964-жылы Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында туўылған.  1984-жылы Москва қаласындағы медицина оқыў орнын тамамлап, өзиниң мийнет жолын У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының реанимация бөлиминде мийирбийке болып жумыс ислеўден баслады.   1996-2001-жыллары академик В.Воҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы Нөкис филиалында үлкен мийирбийке болып иследи.  2001-жылы болса республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының дәслеп реанимация бөлиминде, кейин ала неврология бөлиминде үлкен мийирбийке болып жумыс ислеп келди.

Жоқары дәрежели мийирбийке Зулфия Джуманиязова елимизде медицина системасын раўажландырыў, ондағы реформаларды турмыста кеңнен енгизиў, халықтың саламатлығын беккемлеў, майыплықтың алдын алыў бойынша пидайылық пенен мийнет етип киятырған хызметкерлердиң бири еди.

Буннан басқа да, жас студентлерге, яғный келешек мийирбийкелерге, нәтийжели жумыс усылларын үйретип, көплеген шәкиртлер таярлады.  Әсиресе, медицина тараўында өткерилген ҳәр бир мәдений-ағартыўшылық илажларда белсене қатнасып, наўқаслар, олардың ата-аналары арасында үгит-нәсиятлаў ҳәм профилактикалық жумысларды алып барды. Балалар тәрбиясы, олар арасында ушырасатуғын кеселликлердиң алдын алыўда  ата-аналардың жуўапкершилиги ҳаққындағы дөгерек сәўбетлеринде өз тәжирийбеси менен ортақласып келди.

Бәрқулла өз үстинде тынымсыз жумыс ислеп, теориялық билимлерин арттырып барды. Өзиниң жанкүйерлиги, меҳрибан ҳәм шийрин сөзлиги, мийнет сүйгишлиги менен наўқаслар, кәсиплеслери ҳәм халықтың ҳүрметине еристи.

Елимизде коронавирус инфекциясын жуқтырған наўқасларды емлеўде шыпакерлердиң жақын жәрдемшиси болды. Қандай хызмет болса да, ҳеш қашан бас тартпады.

Өз кәсибиниң пидайысы, жаслардың сүйикли устазы  бул дүньяны тәрк етти. Изинде үш перзенти, көплеген шәкиртлери қалды. Ол 35 жыллық мийнет жолы даўамында жас мийирбийкелерге кәсибине садықлық үлгисин көрсетти.

Жақында Елбасшымыздың «Коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде пидайылық көрсеткен жерлеслеримизден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Онда усы апат себепли жүз берген қыйын ҳәм сынаўлы күнлерде өмири ҳәм денсаўлығын қәўип астына қойып, бар қәўиплерге қарсы гүресиў, инфекция кеңнен тарқалыўының алдын алыў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў жолындағы үлкен мәртлиги ҳәм пидайылығы ушын бир топар жерлеслеримиз мәмлектимиздиң ҳүрметли атақлары, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды.  Олардың арасында республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының Қарақалпақстан филиалы неврология бөлиминиң үлкен мийирбийкеси Зулфия Джуманиязова қайтыс болғаннан соң «Жасорат» медалы менен сыйлықланды.

-Бул Зулфия апаның мийнетине берилген ҳақыйқый баҳа еди, – дейди шәкиртлеринен бири Муслима Тилеўбергенова. – Өз кәсибин шын кеўилден сүйетуғын пидайы, ғамқор устазым менен 18 жыл даўамында бирге иследик. «Жақсы сөз-жан азығы»,  соның ушын да наўқаслардан жақсы сөзиңизди, меҳриңизди аяма, – деп нәсият беретуғын еди.

Қайсы бөлимде ислемесин, шәкиртлеринен бар билим  ҳәм тәжирийбесин аямады. Оның сүйкимли шырайы,  инсаныйлық пазийлети, медицина тараўындағы үлгили хызмети кәсиплеслери қәлбинде мәңги сақланады.

Өз өмирин гиреўге қойып, пандемия менен гүресип атырған шыпакерлер, мийирбийкелер, санитария хызметкерлериниң күни-түни ислеп атырған мийнетлери ҳеш қашан умытылмайды.  Олардың мәртлик ҳәм ерлиги халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын ибрат мектеби болып қалады.

 

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы