Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында 2021-жыл 1-январьдан баслап судлаў тараўында бир қанша өзгерислердиң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Атап айтқанда, ислерди бақлаў инстанциясында көриў институты сапластырылып, районлараралық (қалалараралық) судының қарарын ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен, усы судлардың биринши инстанциясы суды сыпатында шығарған қарарын Жоқарғы судтың судлаў коллегиясында апелляция тәртибинде, ал, апелляция тәртибинде көрилген суд қарарын Жоқарғы судтың судлаў коллегиясы тәрепинен кассация тәртибинде қайта көрип шығыў белгиленген. Сондай-ақ, Жоқарғы судтың судлаў коллегиялары тәрепинен кассация тәртибинде көрип шығылған ислер бойынша суд қарарларын Жоқарғы суд баслығы, Бас прокурор ҳәм оның орынбасарлары протестине бола кассация тәртибинде қайтадан көрип шығыў, жынаят ислерин судта көриў ушын тайынлаўда қарарларды тартысыў принципи тийкарында тәреплердиң қатнасыўында қабыл етиў тартиби ҳәм тағы басқа да өзгерислер енгизиледи.

Шөлкемлестириў бағдарында ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ҳәм жынаят ислери бойынша, экономикалық судлар негизинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судларын шөлкемлестириў, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ислерди көриў ушын оларды жынаят ислери бойынша судларға өткериў, судьялар жоқары маманлық коллегиясының ҳәм ўәлаятлық және оған теңлестирилген судлар судьялары маманлық коллегияларының қарарлары үстинен Судьялардың Жоқары Кеңесине шағым етиў ҳуқықын бериў сыяқлы бир қатар өзгерислердиң киргизилиўи нәзерде тутылмақта.

Әлбетте, бул өзгерислер Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 30-июнь күни болып өткен әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде де додаланып, онда Президентимиз елимизде инсанлар ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлерин қорғаў бағдарындағы өзгерислер адамлардың ҳақыйқатқа ҳәм әдилликке болған исенимин беккемлеп атырғаны, бирақ, бул халықтың суд-ҳуқық тарыўынан разы екенлигин аңлатпайтуғынлығын айрықша атап өткен еди.

Мәмлекетимиз басшысы «Суд имаратына келген ҳәр бир инсан Өзбекстанда әдиллик бар екенлигине исенип шығып кетиўи керек» деп талап қойған ҳәм судьяларға оғада үлкен жуўапкершилик жүклеген еди.

Пәрманда, суд системасын, судьялардың жумысын жақсылаў бойынша әҳмийетли ҳәм анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул өзгерислер әмелде өз көринисин тапса, судлар шын мәнисиндеги әдиллик уйымына айланады ҳәм пуқаралардың нызамда белгиленген ҳуқықларын, еркинликлери менен мәплерин қорғаў әдил судлаў арқалы тәмийинлениўине әмелде ерисиледи, деп ойлаймыз.                

Ш.ШАМАМБЕТОВ,

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының баслығы.

А.САЛИЕВ,

Нөкис қаласы ҳәкимшилик судының баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.