Шавкат Мирзиёев 6-август күнги мәжилисте тийисли жуўапкерлерге шетки аймақларды да жедел интернет пенен тәмийинлеў ҳәм студентлер ушын арзанлатылған интернет трафиклерин ажыратыў бойынша тапсырма берген. Президентке бул усынысты Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетиниң ректоры  Гулчеҳра Рихсиева билдирген, деп хабар бермекте ӨзАның хабаршысы.

Студентлер менен турақлы байланыстамыз, жаңа оқыў жылын баслаўда не затларға итибар бериў ҳаққында усыныслар алып атырмыз. Пандемия себепли өткен жылы екинши семестрди онлайн тәризде шөлкемлестирдик, қорғаўларды өткердик. Бирақ, оннан соң көпшилик студентлерде өзине тән усыныслар ҳәм талаплар пайда болды. Егер жаңа оқыў жылын биз онлайн баслайтуғын болсақ, шетки аўылларды да интернет пенен тәмийинлеў мәселесин және студентлер ушын әҳмийетли болған  арзанлатылған интернет трафикларин ажыратыў бойынша мүрәжат еттим ҳәм Президентимиз тийисли  жуўапкерлерге бул бойынша тапсырма берди. Бул ҳәммемиз ушын оғада қолайлы шараятты жаратады, – деди Гулчеҳра Рихсиева.

Еслетип өтемиз, алдын Республикалық  Жоқары билимлендириў кеңесиниң баслығы  Ўктам Усурзоқов жаңа оқыў жылы онлайн тәризде басланатуғынын мәлим еткени ҳаққында хабар берген едик.

 

ӨзА