Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен халыққа сапалы ҳәм оператив мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша быйылғы жылдың өткен алты айы даўамында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды. Бул бағдарда Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилип атырған қарарлар агентлик жумысларын буннан былай да жетилистириў, бул хызметлерден пайдаланыўда пуқаралардың артықша әўерегершиликлерин сапластырыўға хызмет етпекте.

Анық мысалларға мүрәжат ететуғын болсақ,  өткен алты ай даўамында 6498 исбилерменлик субъекти мәмлекетлик дизимге алынған болса, соннан 4315 исбилерменлик субъекти қайта мәмлекетлик дизимнен өтти. Усы дәўир ишинде халыққа 380 мыңнан аслам мәмлекетлик хызмет көрсетилди.

Халықтың мәмлекетлик хызметлерге болған мүтәжлигинен келип шыққан ҳалда, оларға көрсетилип атырған хызмет түрлери де жылдан-жылға  көбейип бармақта. Соның менен бирге, орайға келиў имканияты болмаған пуқараларымыздың алысын жақын етиў, олардың ўақтын ҳәм қәрежетин үнемлеў мақсетинде көшпели хызмет көрсетиў түрлери енгизилмекте. Бүгинги күнге мине усындай алыс аймақларда жасаўшыларға 25190 көшпели хызмет көрсетилди.

Соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен мәмлекетлик хызметлер орайларының жумысын түп-тийкарынан жақсылаў, оларды заманагөй имаратлар менен тәмийинлеў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, бул жерде ислеўшилерге ҳәм келиўшилерге қолайлы шараят жаратыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Атап айтқанда, быйылғы жылдың басында Қанлыкөл районында мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылған болса, арадан көп ўақыт өтпестен Беруний районында да мине усындай заманагөй имарат халықтың ийгилиги ушын пайдаланыўға берилди. Бул жерлерде халыққа сапалы хызмет көрсетиў, олардың жумысларын иркинишсиз питкериў бойынша барлық имканиятлар жаратылған. Бундай заманагөй архитехтуралық үлгидеги имаратлар Бозатаў, Тахтакөпир, Шоманай ҳәм Төрткүл районларында да қурылып, жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырылады.

Елимизде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасының басқышпа-басқыш жетилистирилип ҳәм модернизацияланып барыўы, биринши гезекте халықтың турмыс дәрежесиниң, инвестиция ҳәм жумыс алып барыў орталығының жақсыланыўына, сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыўға қолайлы имканият жаратады. Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўы үстинен турақлы түрде мониторинг жүргизилип, қадағаланып барылмақта.

Быйылғы жылдың өткен алты айы даўамында көрсетилген хызметлердиң ўәкилликли уйымлар тәрепинен тез, сапалы ҳәм белгиленген мүддетинде көрсетилиўи таллап көрилгенде, айырым мәкемелер тәрепинен нызам бузылыў жағдайларына жол қойылғанлығы анықланды. Яғный, ўәкилликли уйымлардың өзлериниң ўазыйпаларына немқурайдылық қатнас жасағаны ақыбетинде 1300 ден зыят мүрәжатқа өз ўақтында жуўап келмеген ямаса нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында белгиленген мүддет ҳәм тәртипте көрип шығылмағанлығы мәлим болды. Бундай кемшиликлерге жол қойған мәкемелердиң 42 лаўазымлы  ҳәм жуўапкер шахсы ескертилген болса, усындай 89 шахс Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң тийисли статьялары менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.

Бүгинги күни пүткил дүнья еллери халықларын ләрзеге салып атырған коронавирус пандемиясы халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўына да өзиниң кери тәсирин тийгизбестен қалмады. Солай да болса, елимизде жәрияланған карантин қағыйдаларын қатаң сақлаған ҳалда халыққа аралықтан турып мәмлекетлик хызметлер көрсетиў жолға қойылмақта. Әсиресе, исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимге алыў ҳәм қайта дизимнен өткериў, электрон санлы имза (ЭСИ) бериў сыяқлы зәрүр хызметлер усы карантин талаплары тийкарында алып барылмақта.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң тийкарғы принциплеринен бири бул ашық-айдынлық ҳәм жәриялылықты  тәмийинлеў, халыққа сапалы және қолайлы хызмет көрсетиў болып табылады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 18-февральдағы «Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты жақсылаў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында, усы жыл 1-апрельден баслап  пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў (ПҲАЖ) уйымларының жумысын системалы  қадағалаў, қәнигели кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў, ҳуқықты қолланыў әмелиятын  муўапықластырыў «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасын жүргизиў Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги қарамағына өткерилди.

Буннан тысқары, орайлар тәрепинен бир қанша жаңа хызмет түрлерин көрсетиў жолға қойылмақта. Атап айтқанда, турақ жайларды сатып алыў ушын пуқараларға субсидиялар ажыратыў, халықты социаллық қорғаў,  физикалық тәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт имаратларының паспортларын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў, ветеринария жумысын лицензиялаў, мәмлекетлик медицина бирлеспелери тәрепинен пуқараларға мағлыўматнамалар бериў тәртибин буннан былай да әпиўайыластырыў илажлары ҳаққындағы ҳүкимет қарарлары тастыйықланды. Бунда көрсетилетуғын хызметлердиң ҳәкимшилик регламентин ислеп шығыўда пуқаралардың артықша әўерегершилигиниң алдын алыў мақсетинде талап етилетуғын ҳүжжетлердиң саны азайтылып, хызмет көрсетиў мүддети қысқартылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдеги «Жоқары оқыў орынлары мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары  тийкарында  жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлер тапсырыў қалалық ҳәм районлық хызметлер орайына жүкленген еди.  Деген менен, пандемия себепли абитуриентлерди онлайн дизимнен өткериў хызмети  20-июньнен баслап Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы my.gov.uz ҳәм abitur.dtm.uz мәнзили бойынша иске түсирилди.

Бунда арнаўлы комиссияның қарарына муўапық аймақ шараятынан келип шыққан ҳалда республикамыздың Мойнақ районы Мәмлекетлик хызметлер орайында жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлер қабыллаў белгиленди.  Нәтийжеде усы жылдың 20-июнинен 20-июлине шекемги бир ай даўамында жәми 719 абитуриент тест сынақларында қатнасыў ушын дизимнен өткен. Буннан тысқары, орай хызметкерлери алыс аўылларға барып, 126 абитуриентти көшпели түрде дизимнен өткерген. Бул ең шетки аймақта жасаўшы район жаслары ушын айрықша қолайлық жаратты.

Әлбетте алдағы баслы мақсетимиз, халыққа көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң сапасын еле де арттырыў, бул жерге келген пуқараларымыз иркинишсиз тийисли хызметлерден пайдаланыўын тәмийинлеў, солай етип, көрсетилип атырған ҳәр қандай хызметтен разы болып кетиўлерин тәмийинлеўден ибарат.

 

Саёра БЕКМУРАТОВА,

 Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан

Республикасы басқармасының жәмийетшилик

ҳәм ҒХҚ менен байланыслар

бөлиминиң жетекши мәсләҳәтшиси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги