Усы күнлери Самарқанд халықаралық аэропортында реконструкция жумыслары алып барылмақта. Бул ушын Түркияның «Kiklop»  ҳәм Өзбекстанның «Primetime Group» компаниясы тартылған.

Реконструкция жумысына жуўапкерлер аэропорт китап көринисинде қайтадан бой тиклейтуғынын айтпақта. Жаңа аэропортта  22 самолёт ушын тоқтаў, ушып-қоныў жолы болады.

Аэропортты 2021-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Сонда Самарқанд халықаралық аэропорты «Ашық аспан» режимине өтеди.

 

ӨзА