Қарақалпақстанлы исбилерменлер өз есабынан елимизге, яғный Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасына кислородлы концентраторларды алып келип бермекте. «KARDAR»  кәрханасы баслығы, исбилермен Мурат Шимбергеновтың басламасы менен әмелге асырылып атырған бул саўаплы исти көплеген исбилерменлер ҳәм сақаўатлы инсанлар қоллап-қуўатламақта.

– Биз Қытайдан 100 дана кислородлы концентраторлар алып келмектемиз.  Ҳәр бири  улыўма есапта 450 доллардан түсти. Жеке өзим  100 млн. сум қайырқомлық еттим. Концентраторлар келгеннен кейин Денсаўлықты сақлаў министрлигине бийпул беремиз, – дейди М.Шимбергенов. – Бул жумыс еле де даўам етеди. Саўаплы  иске  қосыламыз дегенлер шығып атыр. Базы бир пуқаралар яки жеке меншик клиникалар жеке өзлерине алып келип бериўин өтиниш етип атыр. Бизлер оларға өзиниң баҳасында, яғный 450 доллардан жеткерип беремиз. Үстине пайда қоймаймыз, бирақ мәмлекетке бийпул  бериледи.

Ҳәзирги ўақытта 100 дана кислородлы концентраторлар тийелген транспортлар Қытайдан Өзбекстанға қарай жол алған.

 

Е.Қанаатов, ӨзА