Усы күнлерде, Қарақалпақстан ушын, ҳәммемиз ушын ең аўыр ҳәм сынақлы күнлер болмақта. Журтымыз басшысы, қарақалпақ миллетиниң үлкен жанкүйери, Қарақалпақстан  Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының орынбасары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен қурылысшы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовты соңғы жолға шығарып салар екенбиз, көз алдымызда жаңаланған азат ҳәм абат Қарақалпақстан сәўлеленеди.

Муса аға жүдә инсансүйиўши адам еди. Аз сөйлер, лекин, тынымсыз ислер еди. Биз ҳеш қашан оның мийнет дем алысына шыққанын яки қай жергедур дем алыўға кеткенин еситкен емеспиз. Ол ҳәмийше журт тәғдирин, халқының аманлығын, абадан, тыныш турмысын ойлап жасады.

Ҳәр қандай жағдайда да ол қарақалпақ халқының турмысын жақсылаў, Қарақалпақстанды және де раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, ҳәр инсанның тыныш ҳәм татыў, молшылықта жасаўы жолында барлық имканиятлардан пайдаланар еди.

Ол Қарақалпақстан турмысын пүткиллей жаңалады. Пайтахтымыз Нөкистиң көшелеринен бир өткен адам бул қала қарақалпақ халқының айдын келешегине үлкен жол екенлигин әлбетте, аңлап жетеди.

Өзбекстан мәмлекетиниң басшысы Муса Ерниязовты жүдә қәдирлер еди. Олардың аға-инилик дослығы себепли ҳүрметли Президентимиз қарақалпақ халқының досты, ғамқоршысы болып келмекте. Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев Қарақалпақстан бойынша шығарған ҳәр бир пәрман, қарар яки бағдарлама болсын, М.Ерниязовқа беккем таяныш, әмелге асырылатуғын жумысларға ашылған жол, үлкен көрсетпе болып хызмет етти.

Қарақалпақстанда ең қалақ тараў — аўыл хожалығы гүркиреп раўажланды, бирде-бир  кәрханасы жоқ журтымыз үлкен санаат майданына айланды. Ири завод ҳәм фабрикалардың жумыс баслаўы, инвестициялардың кирип келиўи себепли ашылған, жер асты ҳәм жер үсти байлықларының халқымыздың турмыс абаданшылығы ушын хызмет етип атырғаны әйне ҳақыйқат.

Арал қайтып кетип, журтымыз экологиясының бузылыўы ақыбетлери, бул дағдарыслардың алдын алыў, Үстирт, Мойнақтың турмысын жаңалаўда М.Ерниязов Президентимиз Ш.Мирзиёевқа ийинлес болып, пүткил дүнья итибарын Арал дағдарысы ақыбетлерин сапластырыўға қаратты.

Бүгинги күнде бир ғана Мойнақтағы таңқаларлық жаңаланыўлар тек ўатанласларымызды ғана емес, ал, пүткил дүнья халқын лал қалдырмақта.

М.Ерниязов баўыры кең, миллетти сүйиўши, мәнаўият, мәденият, әдебият, көркем өнердиң раўажланыўына да кең жоллар ашып бергени ҳеш кимге сыр емес.

Қарақалпақ көркем өнери жәҳән сахналарына шықты. Жаңа опералар, көркем фильмлер жаратылды. Қарақалпақ халқы тарийхының жаңа бетлерин излеў, жаңалаў, бул журттың әййемги қаҳарманларын излеп табыў сыяқлы әжайып ислердиң басы-қасында болды.

Кеше Президентимиздиң матам мәресиминде: «Муса Ерниязов сыяқлы халық қаҳарманлары ҳеш қашан өлмейди, оның екинши өмири басланып атыр» дегенинде үлкен ҳақыйқатлық бар.

Жақында «Қарақалпақстан» баспасында «Жаңаланған қарақалпақ диярым» деп аталған китабым басып шығарылды. Бул ода мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёев ҳәм қарақалпақ елиниң басшысы М.Ерниязовтың 30 ҳәм кейинги 3 жыл даўамындағы жумысларына бағышланады. Мен бул оданы жаратып, қарақалпақ халқы алдындағы перзентлик миннетимди орынлағаныма қуўанаман. Бул одада Президентимиз республикамыз басшысына «Өзбекстан Қаҳарманы» алтын жулдызын тағар екен, оның М.Ерниязовқа, қарақалпақ халқына ҳүрмет пенен айтқан төмендеги сөзлери бар:

«Сондай ел, сондай халық басшысы ушын,

Үлкен хошаметлер, сыйлықлар керек,

Бундай мәтанатлы мийнеткеш инсан,

Халқын ең аўыр сынаўларда ҳеш

Таслап қоймаған.

Биз бирге болғанбыз Мойнақтан тартып,

Усы журттың узақ аўылларында,

Үйлеринде, дала, жайлаўларында.

Ерниязов қылған пидайы мийнет,

Сыйлыққа ылайық,

Қаҳарман бир халықтың қаҳарман басшысы,

Деп ҳүрметлеп жүрсин халайық».

Президентимиз күни кеше Нөкисте өткен матам мәресиминде де әйне усы сөзлерди келтирип өтти. Булардың ҳәммеси елимиз басшысының, пүткил Өзбекстан халқының Қарақалпақстан журтына, оның қаҳарман басшысына болған шексиз ҳүрмети.

Мен бүгин терең қайғырыў менен соны айтпақшыман, М.Ерниязов өзи жаратқан жаңа, көркем, кең көшелерден жайнап-жаснап өте алмады, ўақты жоқ еди. Өзи абат еткен аўыллардың тойларына барып, мийман болып жүре алмады. Лекин, бәрибир жүрегимде бир үлкен үмит бар. Бул көшелерден келешек әўлад жүрип өтеди.

Жер бетинде жаратылған барлық қурылыслар жаңа әўладты өзиниң көркем көринислери менен тәрбиялайды. Жаслар жаңа қарақалпақ тарийхын үйренгенде,  бул әййемги журтты жаңалап, жайнатып кеткен инсан М.Ерниязов екенлигин билип алады. Демек, М.Ерниязовтың ҳәр бир мийнети — келешек әўлад ушын үлкен турмыс ҳәм тәжирийбе мектеби есапланады.

Мен бүгин қарақалпақ халқының ҳақыйқый қаҳарманы М.Ерниязовтың жақын досты, тилеклеси, ийинлеси — өмирлик жолдасы болған Амангүлге, перзентлерине, Муса ағаны билген ҳәм оны қәдирлеген бәрше инсанларға терең қайғырыў менен кеўил айтаман. М.Т.Ерниязовтың жар­қын естелиги ҳәмийше қәлбимизде жасайды.

 

Г.А.АННАҚЛЫЧЕВА,

«Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы,

Олий Мажлис Сенаты ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги