Президент Шавкат Мирзиёев 5-август күни Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының өз-ара шегаралас болған районларының аймақларын өзгертиў бойынша таярланған жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Соңғы жыллары елимизде жердиң есабын анық жүргизиў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў, жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм нызамсыз қурылыслар жүргизиў жағдайларының алдын алыў, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимшилик-аймақлық шегараларын дурыс белгилеў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларынан ибарат жумысшы топар тәрепинен бул мәселеде анық илажлар белгиленип, системалы жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, пайтахтымыз ҳәм Ташкент ўәлаятының жер майданлары, олардың өз-ара шегара аймақларының жайласыўы терең талланып, усыныслар ислеп шығылды.

Ҳәммемизге белгили, Ташкент ўәлаятының 5 районы – Зангиата, Янгийўл, Төменги Шыршық, Орта Шыршық ҳәм Жоқары Шыршық районларының айырым мәҳәллелери Ташкент қаласының үлкен айланба жолының ишине кирип қалған.

Мысалы ушын, Ташкент ўәлаятының Зангиата районына қараслы Ханабад мәҳәллеси пайтахттың Сергели ҳәм Бектемир районлары арасында, ямаса Ташкент қаласына қараслы Улығбек қалашасы толық Ташкент ўәлаятының Қыбрай районының аймағында жайласқан.

Буннан тысқары, Ташкент ўәлаяты районлары ҳәм қалаларының өз-ара шегара аймақларында да көплеген теңсалмақсызлықлар бар.

Сонлықтан, халыққа қолайлылық жаратыў мақсетинде қаладан Ташкент ўәлаятына 1010 гектар, ўәлаяттан пайтахтымызға 8371 гектар жер майданының өткерилиўи режелестирилген.

Презентацияда усы усыныслар ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Пайтахтымыз халқы үзликсиз өсип, қала инфраструктурасы раўажланып бармақта. Үлкен қурылыс жумыслары әмелге асырылып, жаңа массивлер пайда болмақта. Мәселен, бир ғана Сергели районында кейинги 3 жылда 460 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Усы дәўирде бул жерге 100 мыңнан аслам халық көшип келип, жәми халық 276 мыңнан асты. Булар басқарыўды жетилистириўди, халыққа қолайлықлар жаратыўды талап етеди.

Мәмлекетимиз басшысы усы жылы 29-май күни Ташкент қаласында Янги ҳаёт районын шөлкемлестириў мәселесине тоқтап өткен еди. Соған бола, жумысшы топар тәрепинен Сергели районынан 1752 гектар, Бектемирден 267 гектар, Зангиатадан дерлик 328, Төменги Шыршықтан 129 ға шамалас, Янгийўлдан  263, Орта Шыршықтан 1346 гектар ажыратып, Янги ҳаёт районын жәми 4085 гектарда шөлкемлестириў бойынша усыныс ислеп шығылды.

Янги ҳаёт районының шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен Ташкент қаласы районлары шегарасының өзгериўи ҳаққында да презентация өткерилди. Сондай-ақ, Янги ҳаёт районында жойбарластырылып атырған қурылыс жумыслары, районның ҳәкимшилик орайын шөлкемлестириўге байланыслы усыныслар көрип шығылды.

Президент Шавкат Мирзиёев усынысларды мақуллап, Ташкент қаласының Бас режесин қайта көрип шығыў, қалаға қосымша берилип атырған жер майданларына турақ жайлар, санаат кәрханалары, хызмет көрсетиў ҳәм социаллық инфраструктура объектлерин ақылға уғрас жайластырыў, ең тийкарғысы, халыққа қолайлы шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Жуўапкер басшыларға жоқарыдағы мәселелер бойынша тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын қысқа мүддетте таярлап, жергиликли кеңеслерге ҳәм Олий Мажлиске көрип шығыў ушын киргизиў бойынша тапсырма берилди.

 

ӨзА