Өзбекстан Республикасы қорғаныў министриниң буйрығы менен Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасының қурал-жарақ бойынша орынбасары – басқарма баслығы  лаўазымына подполковник Аюбжон Раҳимович  Рустамов тайынланды.

Бул ҳаққында Арқа-батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Подполковник Аюбжон Рустамов 2019-жылдың октябрь айынан баслап Қубла-батыс арнаўлы әскерий округиндеги әскерий бөлим командириниң қурал-жарақ бойынша орынбасары лаўазымында хызмет етип киятырған еди.

Аюбжон Рустамов 2001-жылы Ташкент жоқары улыўма әскерий сәркардалық оқыў орнын (ҳәзирги Қураллы Күшлер академиясын)  тамамлап, 2005-жылы Шыршық жоқары-танк сәркардалық-  инженерлик оқыў орнының тәжирийбе арттырыў курсларында билим алған.   2007-2009-жылларда Қураллы Күшлер академиясының мото-оқ атыўшы округиниң тактикалық сәркардалығы техникалық тәмийинлеў тактикалық-штабы оператив сәркардалығы бағдарында билим алған.

 

  ӨзА