Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, усы жыл 4-август жағдайына республикамызда коронавирус инфекциясы анықланған наўқаслардың улыўма саны 402 ге жетти.

Улыўма емленип шыққанлар – 342 адам.

Қайтыс болғанлар – 5 адам.

Республикамыз бойынша 12 мың 232 пуқара карантинге алынған.

Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

Карантин талапларына қатаң әмел етип, өзимизди ҳәм басқаларды да коронавирус кеселлигинен аман сақлайық!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги