Беруний районы медицина бирлеспесинде COVID-19 бойынша CALL орайы иске түсти.

«Ҳәр бир қоңыраўыңыз дыққат-итибарымызда!» сүрени астында ислеп атырған орай хызметкерлери келип түскен ҳәр бир мүрәжатты иркинишсиз қабыл етпекте. Тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен үй шараятында емленип атырған наўқасларға белгиленген стандартлар тийкарында мәсләҳәт берилмекте.

Орай басшысы, шыпакер Шуҳрат Ахмедовтың атап өткениндей, күнине 150-160 қоңыраў келип түспекте. Буннан тысқары, жуқпалы кеселликлер бөлиминде емленип атырған наўқаслар менен аралықтан ZOOM бағдарламасы арқалы республикамыздың тәжирийбели шыпакерлери өзлериниң мәсләҳәтлерин берип барыў системасы жолға қойылды.

COVID-19 бойынша бундай CALL орайлары республикамыздың барлық районларында иске түсти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги