МҮСИЙБЕТ

                                    

Усы жыл  4-август күни Беруний районы ҳәкимлигинде атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың естелигине бағышланған мәресим болып өтти.

Бул жердеги Муса Тажетдиновтиң сүўрети жанына гүлшеңберлери қойылып, естелигине ҳүрмет көрсетилди. Марҳумның атына Қуран оқылып, өткенлердиң руўхына дуўа қылынды.

Атап өтилгениндей, республикамыздың, соның ишинде, Беруний районының гүллеп-раўажланыўында Муса Тажетдиновичтиң хызметлери айрықша. Ол өмириниң ақырына шекем өзиниң бар билимин ҳәм тәжирийбесин Қарақалпақстан Республикасының абат болыўына, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге жумсады. Оның өмири ҳәм дөретиўшилик хызметлери бәршемиз, соның ишинде, келешек жасларымыз ушын үлкен турмыс мектеби болып, оларды Ўатанды сүйиўшиликке тәрбиялаўға, мәрт ҳәм садық инсанлар болып ержетиўине  хызмет етеди.

Инсан өмирге келгеннен кейин өзинен жақсы ат, өшпес из қалдырады. Қаҳарман халықтың қаҳарман басшысы Муса Ерниязов мине усындай жақсылық жыршысы, халықшыл, мәрт қарақалпақ перзенти еди.

Райондағы бирге ислескен жақын дослары, кәрхана ҳәм мәкеме, оқыў орынларының жәмәәтлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери бул жерге келип, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткердиң естелигине ҳүрмет көрсетти. Жақсыларды еслеў, олардың руўхын шад етиў, халқымызға тән инсаныйлық пазыйлетлерден бири. Республикамыз басшысының естелиги ҳәр биримиздиң жүрегимизде мәңги сақланады.

Районда кеўил билдириў кешеси даўам етпекте.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы