Мәмлекетимиз басшысы«Шығыс данышпанлары айтқанындай, ең үлкен байлық бул– ақыл-ой ҳәм илим,  ең үлкен мийрас бул – жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағалшылық бул–саўатсызлық болып есапланады! Сол себепли ҳәммемиз ушын заманагөй билимлерди өзлестириў, шын мәнисинде мәрипат ҳәм жоқары мәденият ийеси болыўымыз үзликсиз турмыслық зәрүрликке айланыўы керек», деп атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, илимди раўажландырыў, жасларымыздың дүньялық илимлерди терең ийелеўи олардың бәркамал инсан болып жетилисиўине жәрдем береди. Соңғы ўақытлары елимизде мектепке шекемги билимлендириў, орта билимлендириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Солайда, елимизге коронавирус пандемиясының кирип келиўи ҳәм оның алдын алыў мақсетинде, усы жылдың 16-март сәнесинен баслап, улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыў ўақтынша тоқтатылып, 30-март сәнесинен баслап, оқыў жылының IV шерегиниң басланыўы мүнәсибети менен улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары ушын онлайн телесабақлар өз жумысын баслады. Яғный, билим бериў өзбек ҳәм рус тиллеринде алып барылатуғын класслар ушын телесабақлар Миллий телерадиокомпаниясының 3 каналы («National Geography Wild», «Euro sport» ҳәм «Охота и рыбалка») арқалы эфирге узатыў жолға қойылған болса, Қарақалпақстан Республикасында билим бериў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын класслар ушын Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының  телеканалы арқалы ҳәр күни телесабақлар эфир арқалы узатылды.

Телесабақларларды эфирге таярлаў барысында улыўма орта билим бериў мектеплеринен ең тәжирийбели пән муғаллимлери таңланып алынды. Тән алыўымыз керек, телесабақларды сүўретке алыўда қысқа мүддетте кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Бул әмелият биринши мәртебе болғанлығы себепли муғаллимлеримиз телесабақлар өтиў көнликпесине яғный, жетерли тәжирийбеге ийе емес еди. Деген менен, орын алған кемшиликлерден өз ўақтында жуўмақ шығарып, күткен нәтийжелерге еристик деп ойлаймыз ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң үзликсизлиги толық тәмийинленгенлиги бул бизиң жетискенлигимиз болып есапланады.

Сондай-ақ, министрлик тәрепинен эфирге берилген телесабақлар туўралы усыныс ҳәм пикирлер алыў ушын социаллық тармақта арнаўлы телеграмм бети ашылды. Онда келип түскен пикир-усыныслар қәнигелер менен үйренилип шығылды ҳәм телесабақлардың сапасын күннен-күнге жақсылаў илажлары көрилип барылды.

Хабарыңыз бар, жақында социаллық тармақларда Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, журналист Әбдималик Хожаназаров ҳәм Нөкис қаласы 20-санлы мектеп директор орынбасары Венера Тәжимуратовалардың авторлығында «Жаңа оқыў жылына таярмыз (ба?) ямаса усынысларымызға рәсмий жуўап күтемиз» атлы мақаласы кең жәмийетшиликке усынылды. Әлбетте, мақаланың авторлары күнделикли турмыста телесабақларды ата-ана сыпатында перзентлери менен бақлап, сабақ таярлаў процесин басынан өткергенлиги көринип тур.

Мақалада авторлар «Онлайн билим бериў структурасы муғаллим менен оқыўшының телевизорға, компьютерге ямаса уялы телефонға қарап отырып билимлендириў екен дегенлер алжасады», Дурыс, онлайн билимлендириў негизги ҳақыйқый билимлендириўдей болмайтуғыны анық. Деген менен, бүгинги күнде дүнья жүзиндеги глобаль машқала болып турған пандемия себепли, көпшилик мәмлекетлерде онлайн билимлендириў системасына өтти. Сол сыяқлы бизиң мәмлекетимизде … Бул бойынша дүнья статистикасына қарайтуғын болсақ, ЮНЕСКОның берген мағлыўматларына қарағанда, COVID-19 пандемиясы себепли дүнья бойлап 188 мәмлекетте 1,7 миллиард оқыўшы мектеп билимлендириўинен үзилип қалды. Олардың арасында Өзбекстанның 6 миллионнан зыят оқыўшылар да бар. Әлбетте, мәмлекетимиздиң келешеги жас әўладтың интеллектуаллық қәбилети менен байланыслы. Өзбекстанда да билимлендириў тараўында тез арада әмелге асырған илажлары қысқа мүддетте өз жемисин берди десек орынлы, оқыўшылар онлайн билимлендириўге өтти.

Мақаланы оқып отырып, авторлардың жүргизген пикирлери турмыслық шынлыққа жақын келеди десек, орынлы болады. Дурыс, айырым ата-аналар балаларының онлайн сабағына қатнасыўын қадағалаўы мүмкин, бирақ үйретиў (педагогикалық) тәжирийбеси ямаса усылы болмаўы мүмкин. Ҳәтте билим дәрежеси де жетпеўи мүмкин… деген қатарлар орынлы айтылған. Деген менен, бул ўақтынша сынақ дәўиринде бала өз ата-анасы менен сабақ таярлаўға, керек болса ата-аналарда педагогикалық тәжирийбе жетерли болмаса, олар баланың оқытыўшысы менен байланысып, балаға сабақты толық өзлестириўде көпир ўазыйпасын атқарса мақсетке муўапық болары сөзсиз. Сондай-ақ, мақалада аўыллық жерлерде интернет жоқлығы, айырым шаңарақларда смартфон телефонлардың болмаўы, қалаберсе, ҳәр бир шаңарақ усы күнлерден баслап таярлықлар көриў, өз үйинен телевизорлы оқыў ханасын ажыратыў, баласының столда, мүмкиншилиги болса отырғышлы столда телевизорға қарсы қарап отырыў мүмкиншиликлерин жаратыўымыз кереклиги сыяқлы ата-аналарға орынлы көрсетпелери сөз етилген. Ҳақыйқатында да, тән алыўымыз керек көпшилик шаңарақларда телевизор аўқатланатуғын орталық ханаларда жайласады. Телесабақ барысында кими аўқатланып атырса, кими басқа каналды көргиси келеди. Көпшиликтиӊ арасында отырып сабақты толық түсиниў балаға қыйыншылық туўдырады. Сонлықтан балаға тыныш хана керек. Оқыўшы телемуғаллим менен руўхый байланыс орнатса ғана сапалы билим ала алады деп авторларымыз жан күйдирмекте.

Соныда айтып өтиў орынлы, Халық билимлендириў министрлигинде Мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм раўажландырыў бөлими шөлкемлестирилген болып, ҳәр бир районда бул бөлимниң секторлары жумыс алып бармақта. Мине, усы бөлим тәрепинен  балалардың үйлеринде аралықтан билим алыўы ушын шаңарақлардағы жаратылған шараятларды мониторинг етип, үйрениў жумыслары алып барылмақта. Яғный, алыс аўылларда жайласқан оқыўшыларымызға арзан интернет пакетлерин жаратыў бойынша байланыс компанияларына усыныслар бериў бойынша кең көлемли жумыслар исленбекте. Жаңа оқыў жылынан баслап, республикамыздың барлық шетки аймақларында жасайтуғын оқыўшыларымызды арзан интернет пенен тәмийинлеў жумыслары көрилмекте.

Және де мақалада «жаңа оқыў жылында Халық билимлендириў министрлигине жаңа оқыў жылынан баслап директорлық фонд арқалы аралықтан билимлендириўде жақсы нәтийже көрсеткен шаңарақлардың перзентлерин хошаметлеў структурасын жаратыўды усыныс етемиз. Бул хошаметлеў ҳәптелик, айлық, шереклик… басқышлар менен ақшалай ажыратылып, байланыс телефонына интернет ушын, электр энергиясы, оқыў қураллары ушын өткерип берилсе» деген усыныс орынлы, әлбетте. Бул усынысыңызды қоллап-қуўатлап, алдағы жумысларымызда қәнигелер менен ойласқан ҳалда бағдарламаларды ислеп шығатуғынлығымызды билдиремиз.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 726 улыўма билим бериў мектебинде жаңа оқыў жылына қызғын таярлықлар алып барылмақта. Ҳәзирги күнде көпшилик ата-аналарымыз сентябрьде де балаларымыз онлайн тәризде оқый ма?, деп мүрәжәәт етпекте. Анығырағы, ҳәзир бул туўралы еле анық көрсетпе болмады. Бирақ, Өзбекстан Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов усы жылдың 9-июль күни болып өткен брифингте жаңа оқыў жылында мектеплерде оқыўдың тиклениўи режелестирилип атырғанлығы, сонда да онлайн арқалы сабақлар даўам ететуғынлығын мәлим етти. Қәйткенде де, Халық билимлендириў министрлиги ҳәр қандай жағдайда да жаңа оқыў жылына таяр! Себеби, 1-августтан баслап, 2020-2021-оқыў жылы ушын телесабақларды сүўретке алыў басланады. Оқыўшылар мектепке қайтқан жағдайда да телевидение арқалы телесабақлар даўам етеди.

Соны да айтып өтиў орынлы, Халық билимлендириў министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа да тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте оқыў жылын қай тәризде баслаў үстинде үйрениўлер алып бармақта. Мәлим болыўынша, Халық билимлендириў министрлиги өз ўазыйпасынан келип шығып оқыў жылын баслаў бойынша 3 сценарий үстинде жумыс  алып бармақта:

1-сценарий: Пандемия жағдайы босасып, мектеплер дәстүрий тәртипте өз жумысын баслайды. Бул министрлик ҳәм оқыўшылар ушын ең мақул вариант. Халықаралық тәжирийбеде мәлим болыўынша, мектеп жасындағы балаларға кеселлик кем жағдайда жуғыўын, оларда жасы үлкенлерге қарағанда жуғыў қәўпи кемлигин көрсетпекте;

2-сценарий: Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Өзбекстанда балаларда вирустың тарқалыўы бойынша жуўмақ унамлы болмаған жағдайда билимлендириў онлайн тәртипте даўам етиўине туўра келиўи мүмкин;

3-сценарий: Гибрид сценарий болып, мектеплер ашылады. Мектеплер де класс системасына өткериледи. Тек белгили бир аймақ, мектеп жағдайынан келип шығып, оқыўшылардың онлайн сабақларда ямаса мектептеги сабақларда билим алыўы даўам еттириледи.

Бунда дәслепки басқышта перзентиниӊ денсаўлыгынан қәўетерленген ата-аналарға баланы үйде онлайн оқытыўға имканият берилиўи нәзерде тутылған яғный, оқыўға қатнас еркин болады –  әпиўайы сабақта қатнасса да ямаса онлайн сабақ арқалы қатнасса да болады.

Мәлим болыўынша, бул туўралы Республикалық арнаўлы косиссияның қарары менен жәрияланады.

Сондай-ақ, карантин қағыйдалары өзгериўине қарамастан, министрлик тәрепинен онлайн мектеп жойбары даўам еттирилиўи режелестирилген. Бул жойбар баланың мектептен тысқары алған билимин үйге келип беккемлеўи, муғаллимлерге болса тәжирийбели кәсиплеслериниң сабақларынан өзине тәжирийбе алыў ушын имканият майданы болып хызмет етеди.

 

Тахир ДАУЛЕТМУРАТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў

министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги