Президентимиздиң 2020-жыл 29-июньдеги «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўыпық Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестирилип, коррупцияға қарсы гүрестиң жаңа басқышы басланды.

Кейинги жылларда коррупцияға қарсы гүрес бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды үш басқышқа бөлиў мүмкин.

Соның ишинде, биринши басқышта, коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкары жаратылды. Атап айтқанда,  2016-жылдың  13-декабринде болып өткен Сенаттың жалпы мәжилисинде «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызам додаланды ҳәм мақулланды.  2017-жылдың  3-январында болса  6 бап, 34 статяьдан ибарат  бул нызамға Президентимиз тәрепинен қол қойылды.

Бул Нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимизде әҳмийети бойынша коррупцияға қарсы гүресте биринши үлкен қәдем болды.  Усы күнге шекем коррупцияға қарыс гүресте талапқа толық жуўап бермейтуғын нызам ҳүжжетлеринен пайдаланып келинген, бир пүтин нызамның өзи жоқ еди. Нызамға БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясында өз сәўлелениўин тапқан халықаралық ҳуқықтың бул бойынша улыўма тән алынған нормалары менен қағыйдалары киргизилген.

Нызамның итибарлы тәрепи сонда, онда коррупцияға қарсы гүресиўдиң мақсети, түсиниклери, принциплери, усы  жумысты әмелге асыратуғын  ҳәм онда қатнасатуғын уйымлар және шөлкемлер, изертлеўшилер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленди.

Екинши басқышта, коррупцияға қарсы гүресиўдиң институционаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик тийкарлары жаратылды. Бул бойынша Президентимиздиң  2019-жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы менен белгилеп берилген әҳмийетли бағдарлар жоқары әҳмийетке ийе.

Бизге белгили, бүгинги күнде экономиканы жоқары дәрежеде раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, сондай-ақ, елимизде исбилерменликти ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў стратегиялық мәселе болып есапланады. Бул бағдардағы ўазыйпаларды шешиўде де коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик сиясаттың унамлы әмелге асырылыўы әҳмийетли.

Соннан келип шығып, пәрманда, бириншиден, коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин жәнеде арттырыў, екиншиден, жоқары дәрежедеги қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жаратыў ҳәм үшиншиден, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин ҳәм рейтингин арттырыў  тийкарғы идея ҳәм мақсет етип белгиленген. Пәрман менен «2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы» тастыйықланды.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша уйымлараралық комиссияның 48 ағзадан ибарат жаңа қурамы тастыйықланды. Буннан тысқары, Олий Мажлис палаталарында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетлер шөлкемлестирилди. Коррупцияға қарсы гүрести республиканың барлық аймақларында комплексли алып барыўдың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде халық депутатлары  жергиликли Кеңеслерде нызамшылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комиссиялар шөлкемлестирилди. Аймақлардағы комиссияларға орынларда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумыслардың жағдайын комплексли үйрениў ҳәм таллаў, системалы машқалалар ҳаққында Олий Мажлис палаталарының коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетлерине бул тараўдағы жумысын жетилистириў бойынша усыныслар киргизиў ҳәм турақлы түрде мәлимлеме бериў көрсетилди.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа да шөлкемлерге мәмлекетлик бағдарлама бойынша мақсетлерге ерисиўде нәтийжелелик индикаторларын ислеп шығыў тапсырылғанлығын атап өтиў керек.  Коррупцияға қәўип-қәтерлерди өз ўақтында анықлаў ҳәм дурыс баҳа  бериў тиккелей басшыларға жүкленди.

^шинши басқышта, коррупцияға қарсы гүрес жолында алып барылып атырған жумысларды талланған ҳалда оның институционаллық тийкарларын және де жетилистириўге айрықша итибар қаратылды.

Бүгинги дәўир коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыў – коррупция жағдайларының себебин ҳәм шараятларын анықлаў, оларды шешиўдиң тәсиршең системасын жаратыўды талап етпекте. Бул жумысларды нәтийжели әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм мәмлекетлик емес секторлардың басқа ўәкиллерин де қамтып алыў керек.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң шөлкемлестирилиўи елимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыўда жаңа институт болды.

Агентлик, бириншиден, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясатты жетилистириў ҳәм әмелге асырыў, екиншиден,  мәмлекетлик уйымлар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа да мәмлекетлик емес сектор ўәкиллериниң биргеликтели нәтийжели жумысларын  тәмийинлеў, үшиншиден бул тараўдағы халықаралық бирге ислесиў ушын жуўапкер болған арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди.

Агентлик елимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерин координация, мониторинг ҳәм таллаў ҳәм сол тийкарда сиясатты ислеп шығыў, сондай-ақ,  коррупциялық жағдайларға жол қойған лаўазымлы шахсларды жуўапкершиликке тартыўды тәмийинлеў сыяқлы жоқары ўәкилликлерге  ийе уйым болып есапланады.

Жуўмақлап айтқанда, бүгинги күнде Өзбекстанда раўажланыўдың жаңа бети ашылмақта.  2020-жылды «Жаңа Өзбекстан» сүрени менен басладық ҳәм жоқары шеклерди белгиледик. Бул бағдарда коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин еле де арттырыў жоқары әҳмийетке ийе. Журтбасшымыздың басламасы менен  шөлкемлестирилген Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги бул мақсетлеримиздиң әмелге асыўында үлкен күш болады.

Батыр МАТМУРАТОВ,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Суд-ҳуқуқ мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығы.

ӨзА