Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары Муса Ерниязов 73  жасында қайтыс болды.

Әлбетте, бул унамсыз хабар самарқандлылардың да кеўилин қабартты. Себеби басшылық ҳәм басқарыў, сондай-ақ, қурылыс ҳәм коммуникация мәселелери тараўында Муса Тажетдинович үлкен тәжирийбеге ийе инсан еди. Бул бағдарда Самарқандқа қашан келсе, өз мәсләҳәтлери, көп жыллық жумысында арттырған тәжирийбелеринен келип шығып, исеним усыныслар беретуғын еди. Жеңислеримизди бөлисетуғын еди.

Муса Тажетдинович Қарақалпақстанның шын перзенти, хақыйқый қаҳарманы еди. Бул елдиң ҳәр бир қарыс жерин бес бармақтай билетуғын, қай жерде қандай машқала бар, адамлар қандай шараятта жасап атыр, не исленсе машқалалар шешиледи, оның ушын қандай шешим керек, барлығын билетуғын еди. Сонлықтан ҳүкимет алдына мәселелерди исенимли қоятуғын еди.

Әсиресе, Арал апатшылығы, ол қалдырған машқалалардың алдын алыў, ол жерде бүгинги күнниң, аралбойында жасайтуғын халықтың талапларынан келип шығып қандай жойбарлар әмелге асырыў зәрүр екенлиги ҳаққында анық, перспективалы жойбарлар ислеп шығатуғын еди.

Усындай жақсы ислери себепли Муса Ерниязов қарақалпақ халқының меҳирине, ҳүрметине ерискен. Әлбетте, Муса Тажетдиновичте бундай ҳүрмет, потенциалға ерисиў ушын тийкар бар еди. Яғный, М.Ерниязов 1971-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтында, 1986-жылы Ташкент жоқары партия мектебинде оқыған.

1983-1989-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммуналь хожалығы министри, 1989-1990-жыллары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң турақлы ўәкили сыпатында жумыс ислеген.

2000-2001-жыллары Шымбай районының ҳәкими, 2001-2002-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының индустрияны раўажландырыў, қурылыс ҳәм коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары болған.

2002-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының орынбасары еди.

2019-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» белгиси менен сыйлықланған.

Қарақалпақ елиниң атасы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳраманы Муса Ерниязовтың жарқын естилиги жүрегимизде мәңги жасайды.

Самарқанд ўәлаятының ҳәкимлиги