Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетидинович Ерниязовтың қайтыс болыўы Ферғана ўәлаятының халқын да қайғыға салды.

Бул инсан өмириниң жигирма жылға шамалас ўақтын Қарақалпақстан халқының бахытлы келешегин тәмийинлеў жолында жумсады. Қарақалпақстанлылардың қолға киргизген  барлық жеңислеринде халық тилинде үлкен меҳир менен «ата» деп аталған жетекшиниң шексиз хызмети бар.

Қарақалпақстанлылар Муса Ерниязовтың аты менен мақтаныўға толық ҳақлы. Ол қай жерде, қандай ўазыйпада ислемесин Ўатанымыз ҳәм халқымызға   ҳадал, шын жүректен хызмет етти.

Ол ерискен өмирдеги ең үлкен байлық-халықтың исеними еди. Әсиресе, Арал бойындағы экологиялық жағдайды турақластырыў, адамлардың турмыс дәрежесин жоқарылатыў бағдарындағы үлкен дөретиўшилик жумыслары халықтың кеўлинен терең орын ийелеген.

Муса Тажетдинович жаратқан басшылық мектеби ҳәм тәжирийбеси де көплеген жасларға өрнек ҳәм ибрат болып қалады. Бул кеўили кең ҳәм пәк инсан ферганалылардың Қарақалпақстанда биргеликте дийқаншылық етиў, шарўашылықты раўажландырыўы ушын да барлық шараят жаратып берген. Фергана ўәлаятында этник қарақалпақлар жасайтуғын аўыл халқының жағдайынан хабардар болып туратуғын еди.

Заманымыздың мәмлекеттиң раўажланыўына  шексиз үлес қосқан жетик мәмлекетлик ғайраткер, билимдан басшыларынан бири Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги биз, ферғаналылардың да жүреклеринде мәңги сақланып қалынады.

Қарақалпақ халқына, марҳумның шаңарақ ағзаларына кеўил билдиремиз.

Ш.Ғаниев, Л.Муродова, Т.Холдоров, Э.Сиддиқова, И.Султонов, Б.Темиров, У.Умаров, П.Эргашева, М.Мамадалиева, О.Хошимов.