Россиялы кардиолог илимпаз Татяна Рибка «Российской газета»ға интервью берип, COVID-19 инфекциясына шалынып тәўир болып шыққанларға төмендеги усынысларды берди.

«Ҳәзир емлениў кестеси ислеп шығылған, айырым жағдайларда үйде де жекелениў тәртибине әмел еткен ҳалда емленсе болады. Биз бул бойынша жүзлеген мысалларды көрдик. Егер наўқас ковиддан қағыйдасына әмел етип емленсе, унамсыз ақыбетлер жүдә аз болады»,-дейди Рибка.

Оннан тысқары, егер наўқасларда COVID-19 дан емленип шыққаннан кейин де ҳәлсизлениў бақланса, врач оларға Д витамини ҳәм В витаминлер топарын қабыл етиўди усыныс  етти. Сондай-ақ, бул емлениўлерден тысқары, мийнет ҳәм дем алыў режимине әмел етиў және көп сейилге шығыў да жүдә пайдалы болатуғыны айтылды.

 

ӨзА