Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўына байланыслы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти атынан марҳумның барлық жақынларына, ағайын-туўысқанларына, досларына ҳәм қарақалпақ халқына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Өзбекстан қаҳарманы

Муса Тажетдинович Ерниязов дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, мәнаўий пазыйлетлери, Ўатанымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың қәлбинен терең орын алған уллы инсан еди.

Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, Арал бойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Қарақалпақ жеринде кейинги жыллары жүз берген барлық үлкен өзгерислер Муса Тажетдинович Ерниязовтың аты ҳәм әмелий жумысы менен тығыз байланыслы.

Ол қарақалпақ елиниң ҳақыйқый жетекшиси сыпатында бәрқулла халықтың дәрти ҳәм тәшўишлери менен жасады. Әсиресе, кексе әўлад ўәкиллери, меҳрибан апа-қарындасларымыз, әзиз жасларымыздың турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, олардың мүнәсип келешегин тәмийинлеў жолында айрықша белсендилик көрсетип, шын кеўилден хызмет етти.

Халқымыздың уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, ҳақ кеўил ҳәм пидайы инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги қәлбимизде мәңги сақланып қалады.

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.