Төрткүл районындағы «Түркстан» МПЖда 4225 пуқара жасайды. Онда жайласқан «Үмит» ҳәм «Пахтакор» көшелериниң турғынлары 20 жылдан берли ишимлик суўдан қыйналып киятырған еди. Усы күнге шекем олар қоңсы мәҳәлледен суў тасып келген.

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, бул жердеги ишимлик суўдан қыйналған халық усы аймақтан сайланған Халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң депутаты, ӨзЛиДеП депутатлық топарының басшысы Бахтияр Машариповқа усы мәселе бойынша мүрәжат еткен.

Депутат бул мәселе бойынша аймақ турғынлары менен ушырасып, жағдайды ҳәр тәреплеме үйренип шығып, «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ Төрткүл районлық бөлимине депутатлық сораўнама жиберди. Нәтийжеде, олар тәрепинен тийисли илажлар әмелге асырылып, мәҳәлле аймағындағы суў қубырларына реконструкциялаў жумыслары алып барылды.

– Халық ушын хызмет етиў ҳәр биримиздиң парызымыз. Олар бизден миннетдар болса, исеним билдирген сайлаўшыларымыздың кеўлинен шықсақ гөзлеген мақсетимизге жеткенимиз,-дейди Б.Машарипов. – Бул бағдардағы жумыслар еле даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги