ӨзР ИИМ баспасөз хаткери Ш.Ғиёсоы 31-июль, Қурбан ҳайты күнинде сойылған қурбанлықларды жеткерип бериў мәселесине тоқталып өтти.

 

Атап айтқанда, халықтан келген «31-июль күни ҳәрекетлениў қадаған етилмекте. Сойылған қурбанлықларды мүтәж шаңарақларға қалай жеткерип беремиз? Сонша гөшти сақлайтуғын музлатқышымыз жоқ» деген сораўға төмендегише жуўап берген:

 

«Дурыс, 31-июль, 1-2-август ҳәм 8-9-август (шемби ҳәм екшемби) күнлери толық сутка даўамында республикалық көлемде ҳәрекетлениў, яғный автотранспорт қуралларының, жөнелиссиз таксилердиң ҳәрекети толық тоқтатылады. Бул шеклеў арнаўлы рухсатнамалар тийкарында ҳәрекетленетуғын автотранспорт және Арнаўлы комиссияның 2020-жыл 8-июльдағы қарары тийкарында тастыйықланған арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўине кесент етпейди. Ислеп атырған саўаплы қайырқомлығыңызды карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда, мәкан пуқаралар жыйыныңыздың баслығы ҳәм белсендилери менен биргеликте, солардың жәрдеминде өзиңиз жасап атырған мәҳәллеңиз аймағында әмелге асырыўыңыз мақсетке муўапық болады».

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.