Усы жылдың 24-июль сәнеси Өзбекстан Республикасының суд ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары ушын және бир тарийхый сәнени белгилеп берди. Себеби, усы күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Судлардың жумысын буннан былай да  жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Оған муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап, суд системасында шөлкемлестириўшилик-структуралық өзгерислерди әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын нызам жойбарының  ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилип, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги ҳәкимшилик судлардан жынаят судларына өткериледи. Ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўге қәнигелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында районлараралық ҳәкимшилик судларды шөлкемлестириў, сонлықтан районлық (қалалық) ҳәкимшилик судларды сапластырыў нәзерде тутылып, бунда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судлары сақлап қалынады ҳәм Әмиўдәрья, районының экономикалық судын сапластырыў белгиленген. Жынаят ислери бойынша Бозатаў, Тақыятас районлары судларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары маманлық коллегиясының және Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық судларының судьялары маманлық коллегияларының қарарлары үстинен Судьялар жоқары кеңесине шағым етиў ҳуқықы бериледи. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Судьялар жоқары кеңеси менен биргеликте еки ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған мәселелер бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына тийисли нызам жойбарларын киргизиў белгиленди.

Жынаят ислерин судта көриў ушын тайынлаў басқышында ис бойынша қарарларды тартысыў принципине әмел еткен ҳалда тәреплердиң қатнасыўында қабыл етиў тәртибин белгилеў, жынаят исиниң улыўмалық тәртипте көрип шығылыўына тосқынлық ететуғын факторларды оператив түрде анықлаў ҳәм сапластырыў имканиятын беретуғын  дәслепки тыңлаў басқышын киргизиў усыныслары мақулланды.

Бул пәрманның және бир итибар беретуғын тәрепи, 2021-2025-жылларда судлардың имаратларын ҳәм ханаларын қурыў және реконструкциялаў бағдарламасы тастыйықланды. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Судьялар жоқары кеңеси менен биргеликте 2020-жыл 1-ноябрьге шекем жаңа басылымдағы «Судлар ҳаққында»ғы Нызам жойбарын ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына көрип шығыў ушын киргизиў белгиленди.

Бул пәрман елимизде физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң, исбилерменлердиң ҳәм сырт ел инвесторларының ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўда халық аралық стандартларға сай болған жаңа басқышларды белгилеп береди, десек асыра айтқан болмаймыз.

Низаматдин АБДАКИМОВ,

Қоңырат районлараралық пуқаралық

ислери бойынша судының  баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги