Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң пәрманы тийкарында 2020-жылдың 1-сентябринен баслап жасқа байланыслы пенсиялар, балалықтан майыплығы болған адамларға, зәрүр жумыс стажына ийе болмаған жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақалар муғдары 1,1 есеге көбейтиледи. Бул ҳаққында «Davletovuz» каналы хабар берди.

 

Пәрманға муўапық, 2020-жыл 1-сентябрьден баслап Өзбекстан аймағында:

 

– пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 262 470 сум;

– жасқа байланыслы ең кем пенсиялар – айына 513 350 сум;

– балалықтан майыплығы болған адамларға берилетуғын напақа – айына 513 350 сум;

– зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – айына 315 030 сум етип белгиленди.

 

Еслетип өтемиз, ҳүжжет еле рәсмий түрде жәрияланбады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.