Усы жылдың 1-июль жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасы турақлы халқының саны 1 миллион 909 мың 944 адамды қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы хабар берди.

 

Халқымыздың саны жыл басынан берли 11,6 мың адамға, яғный 0,6% ке көбейген. Жыл басынан берли тири туўылғанлар 17,2 мың адам, қайтыс болғанлар 4 мың адамды қураған. 3437 адам көшип келген болса, 5107 адам көшип кеткен.

 

Республикамыз халқының 49% и қалаларда (яғный 936,1 мың адам), 51% и (973,8 мың адам) болса аўыллық жерлерде жасайды.

 

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны усы жылдың басында 1 миллион 898 мың 351 адамды қураған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.