Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 29-июльдағы 346-ф-санлы бийлиги тийкарында «Сақаўат ҳәм жәрдем» фонды арқалы социаллық қорғаўға мүтәж болған шаңарақларға материаллық жәрдем тарқатылады. Бул ҳаққында «ӨзА» хабар берди.

 

Буның ушын Кризиске қарсы гүресиў қоры қаржылары есабынан улыўма 150 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди.

 

Хабарда жазылыўынша, Қарақалпақстан Республикасындағы социаллық қорғаўға мүтәж болған шаңарақларға улыўма 10 миллиард сумлық қаржы тарқатылыўы жобаластырылған.

 

Аймақлардағы сектор басшылары 2 күн мүддетте усы қаржыларды халыққа тарқатылыўын тәмийинлейди.

 

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасындағы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў ҳәм волонтёрлық орайының исеним номерлери (Call-center) ҳаққында төмендеги мағлыўматлар арқалы танысыўыңызға болады.

Аймақлық штаб – 1197

 

Нөкис қаласы (61)222-70-32

Әмиўдәрья районы (61)515-40-21

Беруний районы (61)524-45-07

Бозатаў районы (61)415-36-57

Кегейли районы (61)412-32-47

Қараөзек районы (61)465-45-76

Қанлыкөл районы (61)332-11-94

Қоңырат районы (61)312-27-88

Мойнақ районы (61)322-17-52

Нөкис районы (61)424-46-77

Тақыятас районы (61)572-35-64

Тахтакөпир районы (61)435-21-57.

Төрткүл районы (61)532-50-82

Хожели районы (61)554-10-35

Шымбай районы (61)444-02-75

Шоманай районы (61)346-29-74

Елликқала районы (61)585-28-15

Көрсетилген телефон номерлерине ҳәр күни саат 9:00 ден 17:00 ге шекем мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.