Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-апрельдеги 360-санлы қарарына муўапық, магистратура қәнигелигиниң кириў имтиханларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.

 

Магистратураға кириўде төменде атап өтилген пәнлерден имтиханлар өткериледи:

 

Биринши пән:

 

– сайлаған қәнигелик бойынша билим дәрежесин белгилейтуғын арнаўлы пәннен имтихан өткериледи (баҳалаў критериясы 0 баллдан 100 баллға шекем);

 

Екинши пән:

 

– шет тили (шет тиллери филологиясы, шет тили ҳәм әдебияты билимлендириў бағдарлары базасындағы қәнигеликлер ушын екинши шет тили) пәни бойынша имтихан болып өтеди (баҳалаў критериясы 0 баллдан 50 баллға шекем).

 

Дипломдағы рейтинг көрсеткиши:

 

– жоқары оқыў орны питкериўшисиниң улыўмалық рейтинги ямаса өзлестириў көрсеткиши (өзлестириў тийисли түрде 55 баллдан 100 баллға шекемги болған диапазонда жүзден бир анықлықта, өзлестирген пәнлериниң орташа балы арқалы аңлатылады) анықланады.

 

Жеңилликлер (егер болса):

 

– Халықаралық тән алынған шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы сертификат (TOEFL бойынша кеминде 72 ямаса IELTS бойынша кеминде 5,5 балл, TestDaf (TD№3) CEFR бойынша кеминде B2) ямаса Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен берилетуғын Шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы В2 ямаса С1 дәрежесиндеги сертификат усынғанларға шет тилинен 50 балл қойылады ҳәм олар шет тилинен кириў имтиханында қатнаспайды.

 

Магистратураға оқыўға кириўде ең көп (максимал) топланыўы мүмкин болған балл – 250 баллды қурайды.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик стипендиялары ҳәм атақлы мәмлекетлик стипендиялардың жеңимпазлары, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары, сондай-ақ, «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының ийелери болған жоқары оқыў орынларының студентлери ҳәм бакалавр дәрежесине ийе жаслар жоқары оқыў орынларының магистратурасына бакалавриаттың билимлендириў бағдарына сәйкес ҳәм түрлес қәнигеликлерге таңлаўдан тысқары өз алдына мәмлекетлик грантлары тийкарында қабыл етиледи.

 

Сырт еллердеги жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқып атырған магистрантлар оқыўын Өзбекстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларына көшириўге рухсат етилмейди.

 

Мағлыўмат ушын, 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына оқыўға кириў ушын magistr.edu.uz веб-платформасы арқалы дизимге алыўдың ең соңғы мүддети – 30-июль күни саат 23:59 ға шекем болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.