Усы жылдың 27-июль күни Нөкис қаласы Бердақ көшесинде жасайтуғын, 1991-жылы туўылған пуқара Қ.Х. Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасына мүрәжат етип, өзин Қарақалпақстан Республикасы ИИМ системасында ислейтуғын «Шуҳрат» деп таныстырған адам материаллық мәпдарлығы есабына Миллий гвардияға жумысқа киргизип бериўин ўәде етип, паспорт ҳәм әскерий гүўалығының нусқаларын тапсырыў ушын дәслеп 900 000 сум талап еткенлигин мәлим еткен. Бул ҳаққында Миллий гвардия баспасөз хызмети хабар берди.

 

Мүрәжат тийкарында Миллий гвардияның Жеке қурам бойынша инспекциясы хызметкерлери тәрепинен алып барылған оператив үйрениўлер нәтийжесинде өзин «Шуҳрат» деп таныстырған адам 2020-жыл июль айында Нөкис қаласында жасайтуғын, 1995-жылы туўылған пуқара С.А. және 1997-жылы туўылған пуқара Қ.Ж.лардан да Миллий гвардияға тез күнлерде жумысқа орналастырып бериўин ўәде етип, ҳәр биринен 2 000 000 сумнан – улыўма 4 000 000 сум пул алғаны анықланған.

 

ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы ҚР бойынша бөлими, Миллий гвардия ҳәм Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти хызметкелери менен биргеликте өткерилген оператив илаж нәтийжесинде 2020-жыл 28-июль күни «Шуҳрат» тәрепинен жиберилген «Спарк» маркалы автомашина басқарыўшысы Нөкис қаласында жайласқан «Наўрыз» кафесиниң алдында пуқара Қ.Х.дан алдын ала келисилген 900 000 сум пул, паспорт ҳәм әскерий гүўалық нусқаларын «Шуҳрат»қа берип қойыў ушын алып алырған ўақытта усланған.

 

Үйрениў даўамында «Спарк» автомашинасының басқарыўшысы, 1993-жылы туўылған Нөкис қаласында жасайтуғын пуқара С.М. жөнелиссиз такси басқарыўшысы екенлиги, «Шуҳрат» исимли адам оннан 900 000 сум пул, паспорт ҳәм әскерий гүўалық нусқаларын «Наўрыз» кафесиниң алдынан пуқара Қ.Х.дан алып келип бериўин сорағанлығы анықланған.

 

Илаж даўамында келисилген ҳалда усы пул ҳәм ҳүжжет нусқаларын Нөкис қаласында жайласқан «Шах-Сарай» кафесиниң алдында «Спарк» басқарыўшысы С.М.дан алып атырған ўақытта «Шуҳрат» исимли адам оператив илаж қатнасыўшылары тәрепинен усланған.

 

«Шуҳрат» исимли адам 1987-жылы Нөкис қаласында туўылған, алдын басқыншылық, бийзарылық, алдаўшылық ҳәм урлық жынаятлары ушын 6 мәрте судланған, Кегейли районында жасайтуғын пуқара Н.А. екенлиги анықланып, ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық ИИБ тәрепинен алдаўшылық жынаяты бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.