Дүнья жүзинде атмосфера өзгериси, шөлистанлық, шаң ямаса дуздың көтерилиўи емес улыўма жәмийетке, өзимиздиң әтирапымызға болған бийпарықлық еледе глобал машқалаға айланыўы мүмкин. Ҳеш нәрсе өз өзинен болмайтуғынын түсинип жетемен дегенше биз тәбийий ресурсларымыздан дерлик пайдаланып болыўдан қорқыў керек. Бир биримиз арасындағы мүнәсибетлерде кишипейллик, жыллы жүзлилик ҳәм мийрим шәпәәт қатнасықлары беккемлеп раўажландырып баратуғынын билемиз. Биз кунделикли итибарсыз пайдаланып атырған тәбийий байлықларымыз тәбияттың теңсиз инәмы екенин ҳәм оған да итибар, меҳр ҳәм тазалықты сүйетуғын барлық жақсы пазыйлетлерди талап ететуғынлығын билемиз бе?

Суўдың да сораўы бар деп бийкарға айтпаған. Арал теңизиниң қурып кетиўине суўдың сораўсыз ысырап етилиўи себеп болды. Оның ақыбетинде регионда экологиялық апатшылық жүзеге келди.

Президентимиз тәрепинен 2018-жыл басланған сексеўил егиў жумыслары биз ушын үлкен апатлардың алдын алыўға тийкар болады. Бизге дүнья жүзи итибар қаратып, усындай үлкен жумысларды шөлкемлестирип алып барылып атырған бир пайытта басқа орынларда сексеўил, жыңғыл ҳәм басқа да шаң менен дузды өзинде услап қалыў тәсирине ийе ҳәр бир өсимлик биз ушын суў ҳәм ҳаўа киби зәрүр екенлигин терең түсиниўимиз лазым.

Экологиялық мәденият қәлбимиз бенен санамызда қәлиплеспесе биз келешек ушын перзентлеримиз ушын бүгин ислеп атырған ҳәрекетлеримиз ертең кимге керек? Алымлар 2020-жылға келип ықлым өзгериўи глобалласыў нәтийжесинде дәрьяларды суў менен тәмийнлеп турған музлықлар заҳирасы 15-20% ке кемейиўин көрсетпекте. Бул машқалалалардың бәрин тиришилик дереги болған суўды тежеп ислетиў ҳәм ысырап қылмаў керек екенлигин билдиреди.

Солай екен, халқымыздың, әсиресе жасларымыз қәлбинде экологиялық мәдениятты беккем қәлиплестириў күнниң талабы екенлигин умытпаўымыз дәркар.

 

Қ.Тәжимуратов,

ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети

Қараөзек районы  Инспекциясы инспекторы