27-июльдан 29-июльға шекем Өзбекстан аймағы атмосферадағы күшсиз батыс ағым ҳәрекетиниң тәсиринде болады, нәтийжеде республикада ҳаўа райының орташа ыссы ҳәм мәмлекет аймағының үлкен бөлегинде қурғақ болыўы күтилмекте. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

Күндизги ҳаўаның температурасы 35-38 градус болады, айрым жерлерде 40 градусқа шекем жетеди.

 

30-июль күни Волгабойы ҳәм Өзбекстанның арқа-батыс аймақлары (Қарақалпақстан ҳәм Хорезм) үстинде бәлентликтеги циклон қәлиплесиўи күтилмекте, ол 31-июль күни ҳәм августтың дәслепки күнлеринде пүткил республика аймағындағы ҳаўа райының қәлиплесиўине тәсир көрсетеди.

 

31-июльда республиканың барлық аймақларында қысқа мүддетли жаўын жаўып, шақмақ шағыўы мүмкин.

 

Күндизги ўақытларда температура 33-36 градусқа шекем түседи, бул июльдың ақыры – августтың басы ушын тән болған климатлық нормаларға жақын болып есапланады.

 

Айрым орынларда самалдың тезлиги секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.