Соңғы ўақытлары айырым Интернет сайтларында толық тастыйықлабаған мағлыўматларды тарқатыў жағдайлары ушырасып тур. Ҳәр қандай хабар  ийеси (авторы) тарқатылып атырған мағлыўматы ушын жуўапкер екенлиги, жазғаны бойынша өз ҳүжданы ҳәм нызам алдында да жуўап беретуғынлығын умытпаўы тийис.

Көпшиликке жеткизилип атырған мағлыўматтың (хабардың) сапасы және мақсети автордың билими, ишки дүнья көз қарасы, мәдениятынан дәрек береди. Түрли ғалаба қураллары, соның ишинде, интернет сайтлары арқалы көтерилип атырған көплеген машқалалардың ишинде үлги болатуғынлары да аз емес. Бирақ олардың бәршесин де инсаният ушын белгили дәрежеде керекли ҳәм жәмийет турмысы ушын пайдалы деў де қыйын.

Әмелдеги Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексинде биреўге жала жаўғанлық ушын (40-статьясы), жеке өмирине болған қол қатылмаслығын бузғанлық ушын (461-статьясы), шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын (462-статьясы) жуўапкершилик белгиленген.

Яғный, усы Кодекстиң 40-статьясында жала, яғный биле тура жалған, басқа бир шахсты абырайсызландырыўшы мағлыўматларды тарқатқанлық ушын базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен алпыс есесине шекем муғдарда жәрийма жазасына тартылыўға себеп болады, деп көрсетилген.

Усы жерде, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 1992-жыл 19-июндағы «Суд әмелиятында пуқара және шөлкемлердиң ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм хызмет абырайын қорғаў ҳаққында»ғы
қарарында юридикалық яки физикалық тәреплердиң ар-намысына, қәдир-қымбаты ҳәм хызмет абырайына зыян жеткеретуғын мағлыўматларды тарқатыў дегенде, оларды ғалаба қуралларында басып шығарыў, лаўазымлы шахслардыӊ атына жазылған арзалар яки басқа, соның менен бирге аўызеки болса да бир неше шахсқа яки бир шахсқа хабар етиў түсиниледи. Өзиниң ар-намысын кемситетуғын мағлыўматлар айтылған, соның менен бирге, жала жаўылған пуқара бундай мағлыўматларды тарқатқан шахсты Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексининң 139-статьясы ҳәм 140-статьяларына тийкарланып жынайый жуўапкершиликке яки Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодесиниң 40 ҳәм 41-статьяларына муўапық ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳақкында тийисли уйымларға мүрәжаат етиўге ҳақылы екенлиги көрсетип өтилген.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексинииң 461 –статьясында болса, шахстың жеке яки шаңарақлық сырын қурайтуғын жеке өмири ҳаққындағы мағлыўматларды оның келисимисиз нызамға қарсы түрде жыйнаў яки тарқатқанлық ушын базалық есаплаў муғдарының он есесинен қырық есесине шекемги муғдарда жәрийма жазасы белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 462-статьясында, шахсқа байланыслы мағлыўматларды нызамға қарсы түрде жыйнаў, системаластырыў, өзгертиў, толықтырыў, олардан пайдаланыў, оларды бериў, тарқатыў, узатыў, ийесизлендириў ҳәм жоқ еткенлиги ушын пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса, базалық есаплаў муғдарының он есесине шекем муғдарда жәрийма жазасы қолланылыўға себеп болатуғынлығы белгиленген.

Дурыс, Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конститутциясында ҳәр бир адам ой-пикир, сөз ҳәм исеним еркинлигине ийе екенлиги белгиленип өтилген. Бирақ, бул еркинлик басқа бир инсанның ар-намысын кемситиў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерине зыян жеткермеўи тийис. Егерде бул нормалар бузылған жағдайда ҳәр бир қылмыс ушын жуўапкершилик бар екенлигин естен шығармаўымыз тийис.

А.САЛИЕВ,

Нөкис қаласы ҳәкимшилик судының баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги